1 Патшалар 29 bob
1 Филистлер пүткил әскерлерин Афекке топлады. Израиллылар болса, Изреелдеги булақтың жанына орда қурып, жайласып алған еди.
2 Филист ҳүкимдарлары жүз ҳәм мың адамлық топарлар менен баратырған еди. Даўыт ҳәм оның адамлары патша Ахиш пенен бирге изде киятырған еди.
3 Филист әскербасылары: – Мына еврейлер бул жерде не қылып жүр? – деп сорағанда, Ахиш оларға: – Бул адам Израил патшасы Шаулдың хызметшиси Даўыт болады. Бир жылдан аслам ўақыттан бери, ол мениң жанымда жүр. Мен тәрепке өткеннен бери, оннан бирде бир жаманлық көрмедим, – деп жуўап берди.
4 Бирақ филист әскербасылары Ахишке ашыўланып былай деди: – Бул адамды изине қайтарып жибер. Ол сениң өзине берген жерине қайтсын. Бизлер менен урысқа бармасын, болмаса саўаш ўақтында бизге қарсы шығыўы мүмкин. Ол алдынғы мырзасына өзин қалай жақсы көрсете алады? Оған адамларымыздың басын алып барыўдан басқа жақсы жол бар ма?
5 Олардың ойынға түсип: «Шаул мыңлағанын, Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди», – деп қосық айтып жүргенлери усы Даўыт емес пе?
6 Сонда Ахиш Даўытты шақырып алып былай деди: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сен ҳақ адамсаң. Мениң менен бирге урысқа барыўыңды қәлер едим. Сен жаныма келген күннен бери, ҳеш бир жаман ис ислегениңди көрмедим. Бирақ сен филист ҳүкимдарларына жақпадың.
7 Енди аман-есен изиңе қайта бер. Және филист ҳүкимдарларына жақпайтуғын ис ислеп қойма.
8 Даўыт Ахишке: – Бирақ мен не қылдым? Жаныңызға келгеннен баслап, ҳәзирге дейин меннен қандай айып таптыңыз? Тақсыр, не ушын мен барып, сизиң душпанларыңызға қарсы урыса алмайман? – деди.
9 Ахиш оған былай деди: – Билемен, сен мениң нәзеримде Қудайдың периштеси сыяқлы жақсысаң. Деген менен, филист әскербасылары сени: «Бизлер менен урысқа бармасын», – деп атыр.
10 Енди сен ҳәм сениң менен бирге келген мырзаң Шаулдың қуллары азанда ерте турып, таң атар-атпастан кетиңлер.
11 Солай етип, Даўыт ҳәм оның адамлары филистлердиң жерине қайтыў ушын, азанда ерте турды. Ал филистлер болса, Изреелге кетти.