1 Патшалар 31 bob

Шаулдың ҳәм оның улларының өлими (1-13).

1 Сол ўақытта филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды.
2 Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Ионатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди.
3 Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол аўыр жарақатланды.
4 Шаул өз нөкерине: «Қылышыңды суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, қылышын суғып, мени хорлайды», – деди. Бирақ нөкер қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады.
5 Шаулдың өлгенин көргенде, оның нөкери де өзин қылыштың үстине таслап, Шаул менен бирге өлди.
6 Солай етип, Шаул, оның үш улы, нөкери ҳәм пүткил адамлары бир күнде қаза тапты.
7 Ойпатлықтың арғы тәрепинде ҳәм Иордан дәрьясының аржағында жасайтуғын израиллылар Израил әскерлериниң қашып, Шаул ҳәм оның улларының өлгенин билгенде қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасты.
8 Ертеңине филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаул ҳәм оның үш улының өлигин көрди.
9 Олар Шаулдың басын кесип, қуралларын алды. Соңынан бул хош хабарды бутханаларына ҳәм халық арасына таратыў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди.
10 Шаулдың қурал-жарағын қудайы Аштартаның бутханасына қойды, ал денесин Бейт-Шан қаласының дийўалына асып қойды.
11 Ябеш-Гилад халқы филистлердиң Шаулға ислеген ислери туўралы еситти.
12 Қаладағы мәрт жигитлердиң ҳәммеси түни менен жол жүрип, Бейт-Шанға барды. Олар Шаулдың ҳәм оның улларының денелерин Бейт- Шан дийўалларынан түсирип алып, Ябешке алып келди ҳәм сол жерде жағып жиберди.
13 Соңынан сүйеклерин жыйнап алып, Ябештеги тамариск ағашының астына көмди ҳәм жети күн ораза тутып, азалады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.