Жаратылыс 39 bob
1 Исмайыллылар Юсупти Мысырға алып келди. Фараон сарайының хызметшиси, сақшылардың басшысы, мысырлы Потифар Юсупти исмайыллылардан сатып алды.
2 Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, оны табыслы қылды. Солай етип, Юсуп мысырлы хожайынының үйинде жасады.
3 Оның хожайыны Жаратқан Ийениң Юсуп пенен бирге екенин ҳәм ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылып атырғанын көрди.
4 Юсуп хожайынының кеўлинен шықты ҳәм оның жақын хызметшисине айланды. Сонлықтан оны үйи ҳәм барлық мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип қойды.
5 Хожайыны Юсупти үйи ҳәм пүткил мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлағаннан баслап, Жаратқан Ийе Юсуп себепли Потифардың үйин жарылқады. Оның үйине, атызына ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсеге берекет берди.
6 Солай етип, Потифар өзиниң пүткил мал-мүлкин Юсуптиң ықтыярына тапсырып, өзи жейтуғын тамағынан басқа ҳеш нәрсе менен иси болмады. Юсуп қәдди-қәўмети келискен, шырайлы жигит еди.
7 Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Потифардың ҳаялының Юсупке ышқы кетип, оған: – Мениң менен жат, – деди.
8 Бирақ Юсуп қарсылық көрсетип, хожайынының ҳаялына былай деди: – Мине, хожайыным үйиндеги барлық затларды мениң ықтыярыма тапсырып, ҳеш бир иске араласпайды.
9 Бул хожалықта меннен бийлиги күшли адам жоқ. Ол сеннен басқа ҳеш нәрсени меннен аямады. Себеби сен оның ҳаялысаң. Мен қалайынша бундай үлкен қылмыс ислеп, Қудайға қарсы гүна қыламан?
10 Ҳаял Юсупке өзи менен бирге жатыўды ҳәм бирге болыўды ҳәр күни усыныс етсе де, Юсуп оның айтқанына көнбеди.
11 Бир күни Юсуп өз ислерин ислеў ушын үйге кирди. Үйде хызметшилерден ҳеш ким жоқ еди.
12 Сонда Потифардың ҳаялы Юсуптиң шапанынан услап: – Мениң менен жат, – деди. Бирақ Юсуп шапанын ҳаялдың қолында қалдырып, сыртқа қашып шықты.
13 Ҳаял Юсуптиң шапанын таслап қашқанын көргенде,
14 үй хызметшилерин шақырып, оларға: – Қараңлар, күйеўим алып келген мына еврей бизлерди масқара қылды-ғо! Ол мениң менен жатыў ушын ишке кирди. Бирақ мен қатты қышқырдым.
15 Ол мениң қышқырып бақырғанымды еситкенде, шапанын қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.
16 Хожайыны үйге келгенше, ҳаял Юсуптиң шапанын сақлап қойды.
17 Ҳаял күйеўине де сол сөзлерди айтып: – Сениң бул жерге алып келген еврей қулың маған келип, мени масқара қылмақшы болды.
18 Бирақ мен қышқырып бақырғанымда, ол шапанын мениң қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.
19 Юсуптиң хожайыны ҳаялының: «Сениң қулың маған усылай иследи», – дегенин еситкенде ғәзепке минди.
20 Ол Юсупти тутқынға алып, патшаның тутқынлары қамалатуғын қамақханаға таслатты. Бирақ Юсуп қамақта болғанда да,
21 Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, оған жақсылық иследи ҳәм қамақхана басшысына Юсупти унамлы етип көрсетти.
22 Ол қамақханадағы барлық тутқынларды Юсуптиң қарамағына тапсырды. Ол жердеги барлық ислер ушын Юсуп жуўапкер болды.
23 Қамақхана басшысы Юсупке тапсырған жумыслардың ҳеш бирине араласпады. Өйткени Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылды.