2 Патшалар 14 bob
1 Серуя улы Иоаб патшаның Абшаломды сағынып жүргенин билди.
2 Ол биреўди жиберип, Теқоада жасайтуғын ақыллы бир ҳаялды алдырды. Иоаб ҳаялға: «Аза кийимлериңди кийип, өзиңди аза тутып жүрген адам сыяқлы көрсет. Әтир де жақпай, өзиңди узақ ўақыттан бери өлини азалап жүрген сыяқлы тут.
3 Кейин патшаға барып, оған мениң усы сөзлеримди жеткиз», – деди де, Иоаб ҳаялға нелерди айтыў кереклигин үйретти.
4 Солай етип, теқоалы ҳаял патшаға барды. Ол патшаның алдында ет- бетинен жығылып, тәжим етип, патшаға: – Тақсыр, маған жәрдем бериң, – деди.
5 Патша оннан: – Не болды? – деп сорады. Ҳаял патшаға былай деп жуўап берди: – Мен бир бахытсыз жесир ҳаялман. Күйеўим өлип қалды.
6 Шорыңыз болған мениң еки улым бар еди. Олар атызда төбелесип қалыпты. Оларды айыратуғын ҳеш ким болмағаннан соң, биреўи биреўин урып, өлтирип қойыпты.
7 Енди пүткил тийре шорыңыз болған маған қарсы шығып: «Туўысқанын өлтирген адамды бизлердиң қолымызға бер. Туўысқанын өлтиргени ушын оны өлтирип, усылайынша мийрасхорды да жоқ қыламыз», – деп атыр. Солай етип, жер бетинде күйеўимниң атын ҳәм урпағын даўам еттиретуғын туяқ қалдырмаў ушын, олар мениң ошағымдағы қалған шоқты да өширежақ.
8 Патша ҳаялға: – Үйиңе қайта бер, бул исти сениң пайдаңа шешип беремен, – деди.
9 Сонда теқоалы ҳаял патшаға: – Тақсыр! Бул ўақыяға мен ҳәм мениң әкемниң хожалығы айыплы болсын. Патша ҳәм оның тахты айыпсыз болсын, – деди.
10 Патша ҳаялға: – Биреў саған қарсы бир нәрсе десе, оны маған алып кел. Ол қайтып саған тиймейтуғын болады, – деди.
11 Ҳаял патшаға: – Олай болса, өш алыўшы әменгерлер исин гүжитип, улымды өлтирип қоймаўы ушын, патша, Қудайыңыз Жаратқан Ийе ҳақы ант ишсеңиз, – деди. Патша ҳаялға: – Тири Жаратқан Ийениң аты менен айтаман: улыңның бир тал шашы да түспейди, – деди.
12 Ҳаял патшаға: – Тақсыр, шорыңыз болған маған және бир сөз айтыўға рухсат берсеңиз, – деди. – Айт, – деди патша.
13 Ҳаял сөзин даўам етип былай деди: – Не ушын сиз Қудайдың халқына қарсы булай ислеп атырсыз? Патша, сиз усы гәпиңиз арқалы өзиңиз өзиңизди айыплап атырсыз. Өйткени өзиңиз қуўғын қылған адамды қайтармай атырсыз.
14 Жерге төгилген суўды қайтып жыйнаў мүмкин болмағаны сыяқлы, ҳәммемиз де дүньядан өтип кетемиз. Бирақ Қудай жанды набыт қылыўды қәлемейди. Ол қуўғын қылынған адамның Өзинен узақ кетпеўи ушын шара излейди.
15 Халық мени қорқытқаны себепли, тақсырыма усыларды айтып бериў ушын келдим. Мен өзимше: «Патша менен сөйлесейин, бәлким, ол шорысының тилегин орынлар.
16 Сөзлериме қулақ асып, мени ҳәм улымды өлтирмекши болып, Қудайдың берген мийрасынан айырыўды қәлегенлердиң қолынан қутқарар,
17 тақсырымның сөзи мени тынышландырар», – деп ойладым. Себеби сиз, тақсыр, жақсы менен жаманды айырыўда Қудайдың периштеси сыяқлысыз. Сизге Қудайыңыз Жаратқан Ийе яр болсын!
18 Патша ҳаялға: – Сеннен бир нәрсе сорайын, бирақ меннен ҳеш нәрсени жасырма, – деди. Ҳаял патшаға: – Сораң, тақсыр, – деп жуўап берди.
19 Патша ҳаялдан: – Бул ислердиң ҳәммесинде Иоабтың қолы бар ма? – деп сорады. Ҳаял патшаға былай деп жуўап берди: – Тақсыр, алдыңызда ант ишип айтаман: сизден ҳеш нәрсени жасырыў мүмкин емес. Аўа, маған буйрық берген ҳәм шорыңызға усы сөзлердиң ҳәммесин үйреткен қулыңыз Иоаб болады.
20 Жағдайды өзгертиў ушын, қулыңыз Иоаб буны ойлап тапқан еди. Тақсыр, сиз Қудайдың бир периштеси сыяқлы дана болып, елдеги ўақыялардың ҳәммесинен хабардарсыз.
21 Сонда патша Иоабты шақыртып, оған: – Мейли, тилегиңди орынлайман. Барып, жас жигит Абшаломды қайтарып алып кел, – деди.
22 Иоаб ет-бетинен жерге жығылып, патшаға тәжим етти ҳәм оған миннетдаршылық билдирип: – Тақсыр, бүгин меннен кеўлиңиз толғанын билип турман. Себеби сиз қулыңыздың тилегин орынладыңыз, – деди.
23 Соңынан Иоаб Гешурға барып, Абшаломды Ерусалимге алып келди.
24 Бирақ патша: «Абшалом үйине кетсин, мениң алдыма келмесин», – деп буйрық берди. Сонлықтан Абшалом патшаны көрмей, өз үйине кетти.
25 Пүткил Израилда сын-сымбаты бойынша Абшалом сыяқлы мақтаўы артқан адам жоқ еди. Ол басынан аяғына шекем минсиз еди.
26 Абшаломға шашы аўырлық қылатуғын болғанлықтан, ол ҳәр жылы шашын кестиретуғын еди. Ол шашын кестирген ўақытта өлшететуғын еди. Оның шашының аўырлығы патшалықтағы өлшем бирлиги бойынша өлшегенде, еки жүз шекел шығатуғын еди.
27 Абшаломның үш улы ҳәм Тамара деген сулыў бир қызы бар еди.
28 Абшалом Ерусалимде еки жыл жасаса да, патшаны көре алмады.
29 Соңынан ол патшаға жибериў ушын Иоабты шақыртты. Бирақ Иоаб Абшаломға келиўди қәлемеди. Абшалом екинши рет шақыртты, бирақ Иоабтың және келгиси келмеди.
30 Сонда Абшалом қулларына: «Минекей, Иоабтың арпа атызы меникиниң жанында тур. Барып, атызға от бериң», – деди. Хызметшилер барып, Иоабтың атызына от берди.
31 Иоаб орнынан турды да, Абшаломның үйине барып: – Қулларың не ушын атызыма от берди? – деп сорады.
32 Абшалом оған былай деди: – Минекей, мен сени патшаның алдына жибериў ушын, усы жерге келиўиңди айтып, адам жоллаған едим. Сен арқалы патшаға: «Гешурдан не ушын келдим? Ол жерде қалғаным мен ушын жақсырақ болар еди», – деп айтпақшы едим. Енди мен патшаны көргим келеди. Егер айыплы болсам, мени өзи өлтирсин.
33 Сонда Иоаб барып, Абшаломның сөзлерин патшаға жеткизди. Патша Абшаломды шақыртты. Абшалом патшаның алдына келди де, оның алдында ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти. Патша Абшаломды сүйди.