2 Патшалар 9 bob

Даўыттың Мефибошетке жақсылық ислеўи (1-13).

1 Бир күни Даўыт: «Шаулдың хожалығынан тири қалған бар ма? Мен Ионатанның ҳүрмети ушын оған жақсылық қылар едим», – деди.
2 Шаулдың хожалығының Сиба деген бир хызметши киси бар еди. Оны Даўыттың алдына шақырып келди. Патша оннан: – Сиба деген сенбисең? – деп сорады. Сиба оған: – Аўа, Сиба деген қулыңыз мен боламан, – деп жуўап берди.
3 Патша оған: – Шаулдың хожалығынан аман қалған адам бар ма? Мен оған Қудай ушын жақсылық қылайын, – деди. Сиба патшаға: – Ионатанның еки аяғы да майып болып қалған бир улы бар, – деп жуўап берди.
4 Патша оннан: – Ол қай жерде? – деп сорады. Сиба патшаға: – Ол Ло-Дебардағы Аммиел улы Махирдиң үйинде, – деп жуўап берди.
5 Солай етип, Даўыт патша оны Ло-Дебардан, Аммиел улы Махирдиң үйинен алдырды.
6 Шаулдың ақлығы, Ионатанның улы болған Мефибошет Даўытқа келди ҳәм ет-бетинен жығылып, оған тәжим етти. Даўыт: – Мефибошет! – деди. – Ләббәй, қулыңыз усы жерде, – деп жуўап берди Мефибошет.
7 Даўыт оған: – Қорқпа, мен әкең Ионатанның ҳүрмети ушын саған жақсылық қыламан. Атаң Шаулдың барлық жерлерин саған қайтарып беремен. Ал сен бәрқулла мениң дастурханымнан аўқатланатуғын боласаң, – деди.
8 Мефибошет тәжим қылып: – Өли ийтке уқсаған мендей қулыңызға жақсылық қылатуғындай, мен ким болыппан? – деди.
9 Соңынан патша Шаулдың хызметшиси Сибаны шақыртып алып, оған былай деди: – Бурын мырзаң Шаулға ҳәм оның хожалығына тийисли болған нәрсениң ҳәммесин оның ақлығы Мефибошетке бердим.
10 Енди мырзаңның ақлығы керекли азық-аўқат пенен тәмийинлениўи ушын, сен ҳәм сениң улларың менен қулларың оның ушын жерди тәрбиялап, өним алыңлар. Ал мырзаңның ақлығы Мефибошет болса, бәрқулла мениң дастурханымнан аўқат жейди. Сибаның он бес улы ҳәм жигирма қулы бар еди.
11 Сиба патшаға: – Тақсырым, қулыңыз болған мен буйырғанларыңыздың ҳәммесин орынлайман, – деди. Мефибошет патшаның улларының бири сыяқлы, патшаның дастурханынан аўқат жеди.
12 Мефибошеттиң Миха деген кишкене бир улы бар еди. Сол ўақыттан баслап, Сибаның үйинде жасайтуғын ҳәр бир адам Мефибошетке хызмет ететуғын болды.
13 Мефибошет бәрқулла патшаның дастурханынан аўқат жейтуғын болғанлықтан, Ерусалимде жасады. Оның еки аяғы да майып еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.