1 Жылнама 22 bob
1 Сонда Даўыт: «Қудай Ийениң Ибадатханасы да, Израил ушын жандырылатуғын қурбанлық орын да усы жерде болады», – деди.
2 Даўыт Израилда жасайтуғын келгиндилердиң ҳәммесин жыйнаўды буйырды. Қудайдың Ибадатханасын қурыў ушын, олардың арасынан тасларды кесетуғын ҳәм жонатуғын адамларды тайынлады.
3 Даўыт дәрўаза есиклериниң шегелери ҳәм қазық шегелер ушын көп муғдарда темир таярлап қойды. Таярланған қоланың да көплиги соншелли, оның салмағын анықлаў мүмкин емес еди.
4 Және де, ол сансыз кедр ағашын да жыйнап қойды. Өйткени сидонлылар менен тирлилер Даўытқа көп муғдарда кедр ағашын әкелген еди.
5 Даўыт: «Улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал Жаратқан Ийеге арнап қурылатуғын Ибадатхана жүдә саўлатлы болып, даңқы барлық халықларға жайылыўы керек. Сонлықтан оның қурылысы ушын таярлық көрип қоя берейин», – деди. Солай етип, Даўыт өлмесинен алдын Ибадатхана қурыў ушын үлкен таярлықлар көрди.
6 Даўыт улы Сулайманды қасына шақырып алды ҳәм оған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе ушын Ибадатхана қурыўды тапсырып,
7 былай деди: «Улым, мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап, Ибадатхана қурыўды қәлеген едим.
8 Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: „Сен үлкен саўашларда қатнасып, көп қан төктиң. Мениң алдымда жерге көп қан төккениң ушын, Мениң атыма арнап Ибадатхананы сен қурмайсаң.
9 Бирақ сеннен тынышлықты сүйетуғын бир ул туўылады. Мен оны дөгерегиндеги барлық душпанларынан қутқарып, рәҳәтке еристиремен. Оның аты Сулайман болады. Оның дәўиринде Израилға тынышлық ҳәм аман-есенлик инам етемен.
10 Мениң атыма арнап Ибадатхананы ол қурады. Ол Маған ул болады, Мен де оған Әке боламан. Оның Израил үстинен қуратуғын патшалық тахтын мәңгиге беккемлеймен“.
11 Енди, улым, Жаратқан Ийе саған яр болсын! Өзи саған ўәде еткениндей, Қудай Ийеңе арнап Ибадатхана қурғаныңда, сени табысқа еристирсин.
12 Жаратқан Ийе сени Израилға ҳүкимдар етип қойғанда, Қудайың Жаратқан Ийениң Нызамына әмел қылыўың ушын, Ол саған ақыл-парасат берсин.
13 Жаратқан Ийениң Муўса арқалы Израилға берген қағыйда ҳәм нызамларын муқыятлы түрде орынлаўға тырыссаң, табысқа ерисесең. Күшли ҳәм мәрт бол! Қорқпа, руўхың түспесин!
14 Мен көп машақатлар менен Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын жүз мың талант алтын, бир миллион талант гүмис, өлшеп болмас дәрежеде көп қола менен темир, және де, ағаш пенен тас та жыйнап, таярлап қойдым. Буларға сен де қосарсаң.
15 Сенде көп жумысшылар: тас жоныўшылар, тас қалаўшылар, ағаш усталары, ҳәр түрли өнерге ийе адамлар,
16 алтын, гүмис, қола ҳәм темирди ислете алатуғын сансыз өнерментлер бар. Енди иске кирис. Жаратқан Ийе саған яр болсын!»
17 Даўыт Израилдың барлық басшыларына улы Сулайманға жәрдем бериўди буйырып,
18 былай деди: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер менен бирге емес пе? Сизлерди ҳәр тәреплеме тынышлыққа бөлемеди ме? Ол усы жердиң турғынларын маған тәслим қылды. Сол себепли бул жер Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқына бағынышлы болды.
19 Енди жүрегиңизди ҳәм жаныңызды Қудайыңыз Жаратқан Ийени излеўге бағышлаңлар. Қудай Ийениң Ибадатханасын қурыўды баслаңлар. Кейин Жаратқан Ийениң Келисим сандығын ҳәм Қудайға бағышланған басқа мухаддес буйымларды Жаратқан Ийениң атына арнап қурылған Ибадатханаға апарып қойыңлар», – деди.