Эстер 8 bob

Патшаның яҳудийлерди қорғаўы(1-17).

1 Сол күни патша Ахашўерош яҳудийлердиң душпаны болған Ҳаманның мал-мүлкин ханбийке Эстерге берди. Мордохай патшаның алдына кирди, себеби Эстер Мордохайдың өзине ким болатуғынын айтқан еди.
2 Сонда патша Ҳаманнан қайтарып алған мөр жүзигин бармағынан шешип алып, Мордохайға берди. Эстер де Мордохайды Ҳаманның мал- мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлады.
3 Эстер және патша менен сөйлести. Ол жылап, патшаның аяғына жығылды ҳәм Агаг әўладынан болған Ҳаманның яҳудийлерге қарсы режелестирген жаўыз нийетин бийкар етиўди сорап жалынды.
4 Патша алтын ҳасасын Эстерге қарап созғанда, ол орнынан түргелип, патшаның алдында турды.
5 Ол патшаға: – Егер патшамыздың маған кеўли толған болса ҳәм мақул көрсе, егер патшамыз тилегимди туўры деп билсе ҳәм мен оған унасам, Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманның патшалықтың барлық ўәлаятларындағы яҳудийлерди қырып таслаўды буйырып, қара нийет пенен жаздырған хатларын бийкарлап, хатлар жазылсын.
6 Себеби мен халқымның басына апатшылық түсиўине қалай қарап тура аламан? Туўған-туўысқанларымның қырып тасланыўына қалай қарап тура аламан? – деди.
7 Патша Ахашўерош ҳаялы Эстерге ҳәм яҳудий Мордохайға былай деди: – Минекей, Ҳаманның мал-мүлкин Эстерге бердим. Ал Ҳаманды яҳудийлерди қырып таслаўды режелестиргени ушын дарға астырдым.
8 Бирақ патшаның атынан жазылып, оның жүзиги менен мөрленген хатты ҳеш ким өзгерте алмайды. Сонлықтан енди өзлериңиз яҳудийлер ушын нени мақул көрсеңиз, патшаның атынан соны жазып, патшаның жүзиги менен мөрлеңлер.
9 Сонда үшинши ай болған Сиўан айының жигирма үшинши күнинде патшаның хаткерлери шақырылды. Мордохайдың буйырған ҳәр бир нәрсеси Ҳиндистаннан баслап Кушқа шекемги бир жүз жигирма жети ўәлаятта жасайтуғын яҳудийлерге, найыпларға, ҳәкимлерге ҳәм ўәлаят басшыларына: ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде, яҳудийлерге де өз жазыўы менен өз тилинде жазылды.
10 Мордохай патша Ахашўероштың атынан жаздырған хатларын патшаның жүзиги менен мөрледи ҳәм патшаның хызметинде қолланыў ушын бағылып атырған шапқыр атларға шабарманларды мингизди де, оларға хатларды берип, жолға атландырды.
11 Патшаның пәрманында барлық қалалардағы яҳудийлерге бир жерге жыйналып, өзлерин қорғаўға ҳуқық берилген еди. Және де, өзлерине ҳүжим қылатуғын барлық душпан халықлардың ямаса ўәлаяттың қураллы күшлерин, балаларын ҳәм ҳаялларын өлтирип жоқ қылыўға, қырып таслаўға, мал-мүлкин талан-тараж қылыўға рухсат берилген еди.
12 Бул ис патша Ахашўероштың ҳәмме ўәлаятларында белгиленген күни, он екинши айдың, яғный Адар айының он үшинши күни ислениўи керек еди.
13 Усы пәрманның көширмеси ҳәмме ўәлаятларға нызам ретинде жәрияланып, барлық халықларға билдирилди. Солай етип, яҳудийлер сол күни душпанларынан өш алыў ушын таяр турыўы тийис еди.
14 Шабарманлар патшаның шапқыр атларына минип, оның буйрығы менен асығыс жолға атланды. Бул пәрман Суза қаласында да жәрияланды.
15 Мордохай үстине қызғыш көк ҳәм ақ реңдеги патшалық кийимлерди, басына үлкен алтын таж кийип, сыртынан шым қызыл ҳасыл зығыр шапан жамылып, патшаның алдынан шықты. Суза қаласы қуўаныш ҳәм шадлыққа бөленди.
16 Яҳудийлер ушын жақты, қуўанышлы, шадлы ҳәм ҳүрметке толы күнлер келген еди.
17 Патшаның буйрығы ҳәм пәрманы жетип барған ҳәр бир ўәлаят ҳәм қалада яҳудийлер қуўанышқа толып, шадланды. Олар зыяпатлар уйымластырды ҳәм байрамлады. Патшалықтағы халықлардан көплеген адамлар яҳудий болды. Себеби оларды яҳудийлерден қорқыў туйғысы бийлеп алған еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.