1 Қандай бахытлы мынадай адам: Напәклердиң мәсләҳәти менен жүрмейтуғын, Гүнакарлардың жолына аяқ баспайтуғын, Сурбетлердиң арасында отырмайтуғын.
2 Ал ол Жаратқан Ийениң көрсетпелеринен рәҳәтленер, Күни-түни көрсетпелериниң үстинде ой жуўыртар
3 Ол ағын суў бойына егилген мийўе ағашына мегзер, Мийўесин өз мәўсиминде берер, Жапырақлары қуўрап қалмас, Ол не ислесе де, табысқа ерисер
4 Ал напәклер болса бундай емес, Олар самал ушырған қаўыққа уқсар.
5 Соның ушын әдиллик болған жерде напәклер тура алмас, Ҳақлардың жәмийетинде гүнакарларға орын болмас.
6 Жаратқан Ийе ҳақлардың жолын гүзетер, Ал наҳақлардың жолы өлимге жетеклер.



































