1 Жаратқан Ийеде пана табаман, Қалай маған былай деп айтасыз: «Қустай болып ушып кет таўыңа,
2 Мине, пәк кеўилли адамларды, Қараңғылықта атыў ушын, Жаўызлар садақларын таярлап, Оқларын салып керди.
3 Тәртип-нызамның тийкары бузылса, Ҳақ адам не қыла алады?»
4 Жаратқан Ийе мухаддес Ибадатханасындадур, Оның тахты көклерде, Барлық адамзатты бақлар, Нәзери адамларды тексерип турар.
5 Жаратқан Ийе ҳақ адамды сынар, Наҳақ адамнан, жаўызлықты сүйиўшиден жеркенер.
6 Наҳақлардың үстине шоқ, отлы күкирт жаўдырады, Олар ушын үлес қылып, ыссы шөл самалын жибереди.
7 Жаратқан Ийе әдалатлыдур, әдил ислерди сүйеди, Туўры жүретуғын адамлар Оның жүзин көреди.