1 Сүйиспеншилик ҳәм әдилликти қосық қылып айтаман, Саз шертип, Сени алғыслайман, Жаратқан Ийе.
2 Минсиз жолдан жүриўге дыққатлы боламан, Маған қашан келесең? Пәк жүрек пенен өмир сүремен үйимде.
3 Жеркенишли нәрседен көзлерим жырақ болады, Қыйсық жолларды жаман көремен, Ондай ислердиң маған жабысыўына жол қоймайман.
4 Азғын жүрек меннен аўлақ болсын, Жаўызлықты билиўди де қәлемеймен.
5 Достының артынан мыш-мыш айтқанның үнин өширемен, Тәкаббир ҳәм менмен адамларға тақатым жоқ.
6 Көзим елдеги садық адамлардың үстинде болады, Олардың жанымда болыўын қәлеймен, Минсизлик жолынан жүретуғын адам, Маған хызмет етеди.
7 Ҳийлекерлик қылатуғын мениң сарайымда жасамайды, Өтирик сөйлейтуғын көз алдымда тура алмайды.
8 Ҳәр таңда елдеги жаўызларды жоқ қыламан, Барлық залымларды Жаратқан Ийениң қаласынан жоқ қыламан.