1 Езилген бийшараның Жаратқан Ийеге өз дәртин айтып, еткен дуўасы
2 Жаратқан Ийе, дуўамды есит, Пәриядым Саған жетип барсын.
3 Қыйын күнимде жүзиңди меннен жасырма, Қулақ сал мениң даўысыма, Сени шақырғанымда, тез жуўап бер маған.
4 Өмирим түтиндей жоқ болып, Сүйеклерим оттай жанып атыр.
5 Жүрегим қуўраған шөптей болып қалды, Аўқат жеўди де умыттым.
6 Дад салып, аҳыў-нала шеккенликтен, Етим сүйеклериме жабысқан.
7 Мен қула дүздеги узақшаға уқсайман, Қарабақанаға айланған жерлердеги байыўлы сыяқлыман.
8 Көзиме уйқы келмейди, Там басындағы жалғыз бир қус яңлыман.
9 Күни бойы душпанларым мени мазақ қылады, Мени мазақлаўшылар атымды нәлет айтыў ушын қолланады.
10 Нан орнына күл жеп атырман, Көз жасымды ишимлигиме араластыраман.
11 Сениң ашыў ҳәм қәҳәриң себепли усындай қылып атырман. Аўа, Сен мени көтерип, ылақтырдың.
12 Кешки ўақыттағы көлеңкеге уқсайды өмирим, Шөп сыяқлы, сарғайып солып атырман.
13 Бирақ Сен, тахтыңда мәңги отырасаң, Жаратқан Ийе, Сениң даңқың әўладтан-әўладқа даўам етеди.
14 Орныңнан турып, Сионға реҳим ет, Оған мийрим-шәпәәт көрсететуғын ўақыт келди, Белгиленген ўақыт-саат жетип келди.
15 Қулларың оның тасларын да қәдирлейди, Оның топырағы ушын жанлары ашыйды.
16 Миллетлер Жаратқан Ийениң атынан, Жер жүзиндеги патшалар Оның салтанатынан қорқады.
17 Жаратқан Ийе Сионды қайта тиклейди, Өз салтанаты менен пайда болады.
18 Гедейлердиң дуўасына қулақ салады, Пәриядынан бас тартпайды.
19 Еле туўылмаған халық Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтсын, Мыналар кейинги әўлад ушын жазылсын:
20 Тутқынлардың наласын тыңлаў ушын,
21 Өлимге ҳүким етилгенлерди қутқарыў ушын, Жаратқан Ийе жоқарыдағы мухаддес мәканынан қарады, Көклерден жер жүзине нәзер таслады.
22 Солай етип, Жаратқан Ийениң аты Сионда, Алғыс-мақтаў Ерусалимде жәрияланады.
23 Халықлар ҳәм патшалықлар, Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын жыйналады.
24 Өмир жолымда Ол мени күштен қалдырды, Өмир жасымды қысқартты.
25 Мен былай дедим: «Қудайым, өмиримниң жартысында жанымды алма! Сениң жылларың даўам етер әўладтан-әўладқа!
26 Әзелден жер жүзин орнаттың, Көклер Сениң қолларыңның дөретпеси.
27 Олар жоқ болады, ал Сен даўам етесең, Олардың ҳәммеси кийимдей тозып қалады, Шапандай етип оларды алмастырасаң, Олар жоқ болып кетеди.
28 Бирақ Сен өзгермейсең, Ҳеш таўысылмайды Сениң жылларың.
29 Қулларыңның балалары усы жерди мәканлайды, Әўладлары Сениң алдыңда қәўипсиз жасайды».