1 Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным! Оның мухаддес атына алғыслар айт, ҳәй пүткил барлығым!
2 Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным! Умытпа Оның барлық жақсылықларын!
3 Барлық айыпларымды кеширетуғын, Ҳәмме кеселиме шыпа беретуғын,
4 Жанымды өлим шуқырынан азат ететуғын, Сүйиспеншилик ҳәм реҳим тажын кийдиретуғын,
5 Өмиримди ийгилик пенен толтыратуғын Ол, Мени бүркиттей етип, жаслығымды тиклейди.
6 Жаратқан Ийе барлық езилгенлерге, Ҳақлық ҳәм әдалатлық қылады.
7 Өз жолларын Муўсаға, Ислерин израиллыларға көрсетти.
8 Жаратқан Ийе реҳимли ҳәм мийримли, Ол сабыр-тақатлы ҳәм сүйиспеншилиги шексиз.
9 Ол бәрқулла айыплай бермейди, Мәңгиге кек те сақламайды.
10 Бизлерге гүналарымызға қарап қатнас қылмайды, Жаманлықларымызды өзимизге қайтармайды.
11 Көклер жер жүзинен қаншелли жоқары болса, Оның Өзинен қорқатуғынларға болған сүйиспеншилиги де соншелли уллы.
12 Шығыс батыстан қаншелли узақ болса, Ол жынаятларымызды бизлерден соншелли узақластырды.
13 Әке балаларына қандай реҳим қылса, Жаратқан Ийе де Өзинен қорқатуғынларға сондай реҳим қылады.
14 Ол бизлердиң қандай жаралғанымызды биледи, Топырақтан екенимизди умытпайды.
15 Адамзаттың өмири шөпке уқсайды, Даладағы гүлдей болып гүллейди.
16 Самал ескенде, жоқ болып кетеди, Болған жери оны қайтып танымайды.
17 Бирақ Жаратқан Ийе Өзинен қорқатуғынларды мәңги сүйеди,
18 Оның келисимине әмел қылғанлардың, Ҳәм пәрманларына муқыятлы түрде бойсынғанлардың, Балаларының балаларына садықлығы даўам етеди.
19 Жаратқан Ийе Өз тахтын көклерге орнатты, Оның патшалығы ҳәмме жерди өз ишине алады.
20 Оның сөзине қулақ салып, Айтқанларын орынлайтуғын, Қүдирети күшли периштелер, Жаратқан Ийеге алғыслар айтың!
21 Жаратқан Ийениң көктеги ләшкерлери, Оның еркин орынлайтуғын хызметкерлери, Оған алғыс-мақтаўлар айтың!
22 Жаратқан Ийеге алғыслар айтың, Ҳәй, Оның патшалығындағы барлық жаратылыс! Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным!