1 Жаратқан Ийени алғыслап, атын айтып шақырың, Оның ислерин халықлар арасында билдириң!
2 Оны жырлап, саз шертип алғыс айтың, Барлық әжайып ислерин жәрия қылың!
3 Оның мухаддес аты менен мақтаның, Жаратқан Ийени излегенлер шадлансын!
4 Жаратқан Ийени ҳәм Оның қүдиретин, Оның дәргайын тынымсыз излең!
5 Умытпаң Оның әжайып ислерин, Оның кәраматларын ҳәм шығарған ҳүкимлерин,
6 Ҳәй, Оның қулы Ибрайымның әўлады, Қудай таңлаған Яқыптың урпағы!
7 Ол – Қудайымыз Жаратқан Ийедур, Шығарған ҳүкимлери пүткил жер жүзиндедур.
8 Мәңги еслейди Өз келисимин, Мыңлап әўладларға берген ўәдесин,
9 Ибрайым менен дүзген келисимин, Ысаққа ант ишип, берген ўәдесин.
10 Буны Яқып ушын бир қағыйда етип тастыйықлады, Израил ушын мәңги бир келисим қылды.
11 Ол былай деди: «Қанан жерин саған беремен, Оны пайыңызға түскен мүлик етип беремен».
12 Сол ўақытта олар саны жағынан аз еди, Сол жерде аз санлы ҳәм келгинди еди.
13 Бир халықтан екинши халыққа, Бир елден екинши елге гезип жүрди.
14 Жаратқан Ийе ҳеш кимниң оларды езиўине жол қоймады, Олар ушын патшаларға ескертиў берип,
15 Былай деди: «Майлағанларыма тиймең, Пайғамбарларыма жаманлық қылмаң!»
16 Елге ашлық жиберди, Бир тислем нанға зар қылды.
17 Олардың алдынан бир адамды жиберди, Аўа, Юсуп қул болып сатылды.
18 Оның аяқлары шынжырланды, Мойнына буғаў салынды.
19 Оның айтқанлары орынланғанша, Жаратқан Ийениң сөзи оны сынады.
20 Патша адам жиберип, Юсупти босатты, Халықлардың ҳүкимдары оны азат қылды.
21 Оны өз сарайының басқарыўшысы, Пүткил ийелигиниң ҳүкимдары етип тайынлады.
22 Қәлесе, хызметкеримди шынжырласын, Ақсақалларыма даналық үйретсин, деди.
23 Кейин Израил Мысырға келди, Яқып Мысырға, яғный Хам үлкесине орналасты.
24 Жаратқан Ийе оның халқын берекетледи, Душпанларына қарағанда, олардың санын көбейтти.
25 Кейин Ийемиз Мысыр халқының жүрегинде, Өз халқына деген жек көриўшилик оятты. Мысыр халқы Оның қулларына қарсы, Ҳийлекерлик қыла баслады.
26 Ол Өз қулы Муўсаны, Өзи таңлап алған Харонды жиберди.
27 Олар көрсетти Жаратқан Ийениң кәраматлы белгилерин, Хам үлкесинде әжайып ислерин.
28 Жаратқан Ийе қараңғылық жиберип, елди тас түнек қылды, Муўса менен Харон Оның сөзлерине қарсы шықпады.
29 Олардың суўларын қанға айландырды, Ондағы балықларды набыт қылды.
30 Мысыр жери қурбақаларға толып кетти, Ҳәттеки, патшасының бөлмесине кирди.
31 Жаратқан Ийе буйырғанда, ийтшыбын ушып келди, Ширкейлер пүткил елди қаплады.
32 Жаўынның орнына буршақ жаўдырды, Шақмақ шақтырды олардың елинде.
33 Жүзимзарларын ҳәм әнжир ағашларын қуртты, Елдеги барлық тереклерди сындырды.
34 Ол буйырғанда, шегирткелер келди, Сансыз шекшеклер пайда болды.
35 Олар елдеги барлық өсимликлерди, Атызлардағы егинлерди жеп таўысты.
36 Жаратқан Ийе елдеги туңғышлардың ҳәммесин, Ҳәр бириниң белиндеги күшиниң биринши жемиси болған балаларын өлтирди.
37 Израиллыларды елден гүмис ҳәм алтын менен шығарды, Урыўларының ишинде сүрниккени болмады.
38 Олар шығып кеткенде, Мысыр қуўанды, Мысыр халқы Израилдан қорқып қалған еди.
39 Жаратқан Ийе Израилды булт пенен жаўды, Түнде жақты болсын, деп от берди.
40 Халық сорағанда, оларға бөденелер жиберди, Аспаннан нан жаўдырып, оларды тойдырды.
41 Тасты жарды, суў атлығып шықты, Қуўраған жерден дәрья болып ақты.
42 Ол Өз мухаддес ўәдесин, Қулы Ибрайымға берген сөзин ядына алды.
43 Халқын қуўаныш ишинде, Таңлағанларын шадлық пенен елден алып шықты.
44 Басқа миллетлердиң жерлерин оларға берди, Сол халықлардың мийнетин мүлик қылып алды.
45 Ол «буйрықларымды орынласын, Нызамларыма бойсынсын» деп усылай иследи.