Забур 105 bob

1 Ҳалилуйя! Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли, Сүйиспеншилиги мәңги даўам етеди.
2 Жаратқан Ийениң уллы ислерин ким айтып бере алады? Ким Оған ылайықлы түрде алғыс айта алады?
3 Қандай бахытлы әдалатлық пенен ис тутқанлар, Ҳәмме ўақытта туўры ислерди қылғанлар!
4 Жаратқан Ийе, халқыңа реҳим еткениңде, есле мени, Қутқарғаныңда, мени де итибарға ал.
5 Таңлағанларыңның ығбалын көрейин, Халқыңның қуўанышын көрип, қуўанайын, Халқыңның мақтанышын бирге бөлисейин.
6 Ата-бабаларымыз сыяқлы, бизлер де гүна иследик, Айып ислер ҳәм жаўызлық қылдық.
7 Ата-бабаларымыз Мысырда болған ўақытта, Ислеген әжайып ислериңе итибар бермеди, Сениң мол сүйиспеншилигиңди еслемеди, Теңиз бойында, Қамыс теңизинде қозғалаң көтерди.
8 Бирақ Жаратқан Ийе қүдиретин көрсетиў ушын, Өз аты ушын оларды қутқарды.
9 Қамыс теңизине бақырды, теңиз қурып қалды, Қурғақ жерден жүргизгендей, Оларды теңиз түби арқалы өткерди.
10 Оларды жек көретуғынлардың қолынан қутқарды, Душпанларының қолынан азат қылды.
11 Жаўларын суў басты, Олардың ҳеш бири аман қалмады.
12 Сонда ата-бабаларымыз Оның сөзине исенди, Оны алғыслап, қосық айтты.
13 Деген менен, олар Жаратқан Ийениң ислерин дәрҳал умытты, Оның көрсететуғын жол-жорығын күтип отырмады.
14 Шөлде олар нәпсихорлыққа берилди, Изсиз далада Қудайды сынады.
15 Қудай олардың сорағанын берди, Бирақ оларға аўыр кеселлик жиберди.
16 Ордада олар Муўсаны, Жаратқан Ийениң мухаддеси болған Харонды күнледи,
17 Жер жарылып, Датанды жутып жиберди, Абирам менен оның шериклерин жалмады.
18 Олардың изинен жүргенлерге от түсти, Жалын жандырып жиберди жаўызларды.
19 Хореб таўында тананың мүсинин ислеп алды, Сол қуйып ислеген бутына табынды.
20 Шөп жейтуғын тананың мүсинине, Қудайдың уллылығын алмастырды.
21 Олар умытты өзлерин қутқарған Қудайды, Мысырда уллы ислерди ислегенди,
22 Хам үлкесинде әжайып ислерди көрсеткенди, Қамыс теңизинде таң қаларлық ислерди қылғанды.
23 Соның ушын, Қудай оларды жоқ қылатуғынын айтты, Бирақ таңлаған адамы Муўса араға түсип, Оны қуртаман деген ғәзебинен қайтарды.
24 Кейин әжайып елден жүз бурды, Қудайдың берген ўәдесине исенбеди.
25 Өз шатырларында тоңқылдады, Жаратқан Ийениң айтқанларына қулақ салмады.
26 Соның ушын, Жаратқан Ийе ант ишип: «Сизлерди шөлде қуртып таслайман,
27 Урпақларыңызды миллетлер арасына тарқатаман, Өзге еллерге шашып жиберемен», – деди.
28 Олар Пеордағы Баалға байланып қалды, Өлилерге берилген қурбанлық гөшинен жеди.
29 Олар өз қылмыслары менен Жаратқан Ийени ғәзеплендирди, Сонлықтан оба кеселлиги олардың арасына жайылды.
30 Пинехас турып, араға түсти, Сонда апат та тоқтады.
31 Оның бул иси әдиллик саналып, Әўладтан-әўладқа мәңги даўам етеди.
32 Мериба суўлары жанында олар Жаратқан Ийени және ғәзеплендирди, Олар себепли Муўсаның басына қайғы түсти.
33 Олар Муўсаның ашыўына тийди, Ол да ойланбастан сөйледи.
34 Жаратқан Ийе жоқ етиўди буйырса да, Олар жоқ етпеди халықларды.
35 Басқа халықлар менен араласты, Олардың үрп-әдетлерин үйренди.
36 Олардың бутларына табынды, Бутлар олар ушын дузақ болды.
37 Ул ҳәм қызларын, Жинлерге қурбанлық қылды.
38 Қанан бутларына қурбанлық болсын деп, Ул ҳәм қызларының қанын, Айыпсызлардың қанын төкти.Ел төгилген қан себепли ҳарамланды.
39 Олар ислери менен ҳарам болды, Қылмыслары менен опасызлық қылды.
40 Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады халқына қарсы, Жеркенди Өзиниң меншик халқынан.
41 Оларды басқа халықларға тәслим қылды, Жек көретуғынлары оларға ҳүкимдар болды.
42 Душпанлары оларды езди, Олардың қол астында баслары ийилди.
43 Жаратқан Ийе оларды көп мәрте қутқарды, Бирақ олардың ақыл-еси қозғалаң көтериў болды, Гүналары себепли пәске урылды.
44 Сонда да, Жаратқан Ийе халықтың қыйыншылығына итибар берди, Дад-пәриядына қулақ салды.
45 Олар ҳақы Өз келисимин еследи, Уллы сүйиспеншилиги себепли оларға реҳим қылды.
46 Оларды тутқынға алғанларды, Реҳимли болыўға ийтермеледи.
47 Қутқар, Қудайымыз Жаратқан Ийе, Миллетлер арасынан бизлерди жыйна. Мухаддес атыңды тәрийиплейик, Алғысқа ылайық ислериң менен мақтанайық.
48 Әзелден мәңгиге дейин, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Пүткил халық: «Аўмийин!» – десин. Ҳалилуйя!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.