Забур 107 bob

1 Қосық. Даўыттың жыры
2 Жүрегим Саған садық, Қудай, Пүткил барлығым менен Сени жырлап, саз шертемен.
3 Оян, ҳәй арфа ҳәм лира, Ерте таңды мен оятайын!
4 Халықлар арасында Сени алғыслайман, Жаратқан Ийе, Миллетлер арасында саз шертип, Саған алғыс айтаман.
5 Сүйиспеншилигиң көклерден асар, Садықлығың бултларға тийер.
6 Көктен де жоқары уллылана бер, Қудай, Даңқың пүткил жер жүзине жайылсын!
7 Оң қолың менен жеңис бер, есит бизлерди, Өз сүйгенлериң қутқарылсын!
8 Қудай Мухаддес мәканында былай деди: «Шадланып, Шехемди бөлемен, Суккот ойпатлығын өлшеп беремен.
9 Гилад Меникидур, Менашше де Меники, Эфрайым дуўлығам, Яҳуда ҳүкимдарлық ҳасам.
10 Моаб жуўынатуғын ләгеним, Эдомға аяқ кийимимди таслайман, Филист жеринде жеңис дабылын қағаман».
11 Ким мени бекинисли қалаға алып барады? Ким маған Эдомға дейин жол көрсетеди?
12 Қудай, Сен емессең бе? Бирақ Сен бизлерден жүз бурдың. Әскерий ордамызға басшылық етпей қойдың.
13 Душпанға қарсы гүресте жәрдем бер, Адамзаттың жәрдеми бийҳудадур.
14 Қудай, Сениң жәрдемиң менен қаҳарманлық көрсетемиз, Душпанларымызды басқылап таслайсаң.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.