1 Мен алғыслап жүрген Қудай, Үнсиз қалма!
2 Жаўызлар ҳәм өтирикшилер маған қарсы аўзын ашып, Жалғаншы тиллери менен мени алдайды.
3 Жеркенишли сөзлер менен мени дөгереклеп, Себепсиз маған қарсы ҳүжим қылады.
4 Сүйиспеншилигиме қарсы айып тағады, Бирақ дуўа етиўди даўам етемен.
5 Жақсылығыма жаманлық қайтарады, Сүйиспеншилигим ушын мени жек көреди.
6 Жаўыз адамды оларға қарсы қой, Оң жағында айыплаўшы биреў турсын!
7 Ҳүким етилгенде, олар айыплы болсын, Олардың дуўасы гүна саналсын!
8 Олардың өмири қысқа болсын, Ислейтуғын ўазыйпасын басқа биреў алсын!
9 Балалары жетим, Ҳаяллары жесир болып қалсын!
10 Балалары гезенде болып, тиленшилик қылсын, Қарабақанаға айланған үйлеринен кетип, нан излесин!
11 Мал-мүликлерин сүтхорлар ийелесин, Жыйнап-тергенлерин жат адамлар тартып алсын!
12 Ҳеш ким оларға жақсылық қылмасын, Жетимлерине ҳеш ким реҳим етпесин!
13 Олардың әўлады жоқ болсын, Бир әўладтан соң атлары өшип қалсын!
14 Олардың ата-бабаларының гүналарын, Жаратқан Ийе, Сен еске ал, Аналарының гүнасы өширилмесин!
15 Гүналары ҳәмме ўақытта, Жаратқан Ийе, Сениң алдыңда турсын, Олардың атларын жер жүзинен жоқ ет!
16 Себеби олар жақсылық қылыўға урынбады, Бийшара ҳәм мүтәжлерди қуўдалап, Үмитсизликке түскенлерди өлтирди.
17 Басқаларды нәлетлеўди жақсы көрди, Енди сол нәлетлер өз басына түссин! Ҳеш кимди жарылқаўды хош көрмеди, Енди жарылқаў олардан узақ болсын!
18 Нәлетти олар кийимдей етип кийип алды, Нәлетлер суўдай ишине кирсин, Майдай сүйеклерине сиңсин!
19 Кийим кийгендей, нәлетке оранып алсын, Оны ҳәр күни белине қайыс қылып тақсын!
20 Жаратқан Ийе усылай етип қайтарсын мени айыплаўшыларға, Маған қарсы жаман сөз айтыўшыларға!
21 Ал Қудай Ийе, Өз атың ушын маған жәрдем бер, Сүйиспеншилигиң ийгиликли, мени қутқар!
22 Мен бийшара ҳәм мүтәжбен, Ишимдеги жүрегим жараланған.
23 Кешки көлеңкедей жоқ болып баратырман, Қағып жиберилдим шегиртке сыяқлы.
24 Ораза тутыўдан дизелеримде дәрман қалмады, Азып, сүйек болып қалдым.
25 Мени айыплап атырғанлардың алдында жүзим төмен болды, Мени көргенде, олар басын шайқайды!
26 Маған жәрдем бер, Қудайым, Жаратқан Ийе, Сүйиспеншилигиң ҳақы қутқар мени!
27 Олар билсин бул исте Сениң қолың бар екенин, Буны Сениң ислегениңди, Жаратқан Ийе!
28 Мейли, олар мени нәлетлесин, бирақ Сен мени жарылқайсаң, Маған ҳүжим қылғанда, олар шерменде болсын, Қулың болған мен шадланаман.
29 Мени айыплаўшылар кийим кийгендей уятқа бөленсин, Шапан жамылғандай, шерменделикти жамылсын!
30 Жаратқан Ийени көп тәрийиплеймен, Жәмәәт ишинде Оны алғыслайман.
31 Ол мүтәж адамның оң тәрепинде турады, Оның жанына қарсы ҳүким шығаратуғынлардан қутқарады.