1 Жаратқан Ийе ийеме былай деди: «Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр».
2 Жаратқан Ийе Сионнан баслап патшалығыңды кеңейтеди, Душпанларыңның үстинен ҳүкимдарлық қыл!
3 Сен саўашқа атланғаныңда, Ләшкерлериң өз қәлеўи менен изиңе ереди. Таң қушағынан туўылған шық сыяқлы, Мухаддес кийимлер ишинде, Жаслар сениң алдыңа келеди.
4 Жаратқан Ийе ант ишти, Өз қарарынан қайтпайды: «Сен Мелкиседек сыяқлы, Мәңгиге руўханий болып қаласаң!» – деди.
5 Жаратқан Ийе сениң оң жағыңда, Ол Өзиниң ғәзеп күнинде патшаларды езип таслайды.
6 Миллетлерге қарсы ҳүким шығарып, Өликлерди үйип таслайды, Пүткил жер жүзиндеги ҳүкимдарларды езип таслайды.
7 Патша жол бойындағы өзектен суў ишеди, Ол басын жоқары көтереди.