1 Ҳалилуйя! Ҳақ адамлардың жыйынында, Жәмийет ишинде, Пүткил жүрегим менен Жаратқан Ийени тәрийиплеймен.
2 Жаратқан Ийениң ислери уллы, Олардан ләззет алатуғынлар оларды изертлейди.
3 Оның ислери салтанатлы ҳәм уллы, Әдалатлығы мәңгиге даўам етеди.
4 Жаратқан Ийе умытылмас әжайып ислер қылды, Ол мийримли ҳәм реҳимли.
5 Өзинен қорқатуғынларға нан береди, Дүзген келисимин ҳеш ўақытта умытпайды.
6 Басқа халықлардың жерлерин Өз халқына берип, Көрсетти оларға қүдиретли ислерин.
7 Ислеген ҳәр бир исинде садық ҳәм әдил, Оның барлық пәрманлары исенимли.
8 Булар мәңги-бақый беккем турады, Садықлық ҳәм әдалатлық пенен орынланыўы тийис.
9 Ол Өз халқын азат етти, Олар менен мәңгиге келисим дүзди. Оның аты мухаддес ҳәм айбатлыдур.
10 Жаратқан Ийеден қорқыў – даналықтың басы, Оның буйрықларын орынлағанның ҳәммеси, Ақыл-парасаттың ийеси болады. Оған мәңги алғыс-мақтаў айтылады!