1 Ҳалилуйя! Қандай бахытлы Жаратқан Ийеден қорқатуғын, Оның буйрықларын орынлап, рәҳәтленетуғын адам!
2 Оның әўлады қүдиретли болар жер жүзинде, Ҳақлардың әўлады жарылқаў алады.
3 Молшылық ҳәм байлық үйинде болады, Ҳақлығы мәңги даўам етеди.
4 Қараңғылықта нур шығады ҳақлар ушын, Мийрим-шәпәәтли, реҳимли ҳәм әдил адамлар ушын.
5 Қолы ашық, қарыз беретуғын, Ислерин әдалатлық пенен ислейтуғын адам абадан турмысқа ериседи!
6 Ол ҳасла сүрникпейди, Ҳақ адам мәңги еске алынады.
7 Ол жаман хабардан қорқпайды, Жаратқан Ийеге исенген жүреги беккем.
8 Оның жүреги мықлы, қорқыў дегенди билмейди, Душпанларының жеңилисин көреди.
9 Ол мүтәжлерге сақыйлық пенен жәрдем береди, Оның ҳақлығы мәңги даўам етеди, Қүдиретли ҳәм абырайлы болады.
10 Жаўыз адам буны көрип, ашыўланады, Тисленип, өзин-өзи жеп, жоқ болады, Жаўызлардың қәлеўи пушқа шығады.