1 Ҳалилуйя! Алғыслар айтың, ҳәй Жаратқан Ийениң қуллары, Жаратқан Ийениң атына алғыслар айтың!
2 Ҳәзир ҳәм мәңгиге, Жаратқан Ийениң атына алғыслар болсын!
3 Шығыстан батысқа дейин, Жаратқан Ийениң атына алғыслар болсын!
4 Жаратқан Ийе барлық миллетлерден бәлентте, Оның салтанаты көклерден де жоқары.
5 Жоқарыда тахтта отырған, Қудайымыз Жаратқан Ийеге ким теңлесе алады?
6 Ол ийилип қарайды, Көктегилерге ҳәм жер жүзиндегилерге.
7 Жарлыны топырақтан көтерип алып, Бийшараны тасланды арасынан алып шығады.
8 Оларды отырғызады ақсүйеклер менен, Халқының ақсүйеклери менен.
9 Бийперзент ҳаялды өз үйинде жарылқап, Оған перзент сыйлап, бахытлы қылады. Ҳалилуйя!