1 Израил Мысырдан шыққанда, Яқыптың урпағы тили басқа халықтан кеткенде,
2 Яҳуда Жаратқан Ийениң мухаддес жери, Израил Оның патшалығы болды.
3 Теңиз оларды көрип, артқа шегинди, Иордан дәрьясы терисине ақты.
4 Таўлар қошқарлар сыяқлы, Төбешиклер қозылар киби секирди.
5 Ҳәй, теңиз, не ушын артқа шегиндиң? Ҳәй, Иордан, не ушын терис қарай ақтың?
6 Ҳәй, таўлар, не ушын қошқар сыяқлы, Ҳәй, төбешиклер, не ушын қозы киби секирдиң?
7 Титире, ҳәй жер жүзи, Ийениң алдында, Яқыптың Қудайының алдында.
8 Ол жартасты суў ҳәўизине, Қатты тасты булаққа айландырды.
9 Бизлердиң емес, Жаратқан Ийе, бизлердиң емес, Сүйиспеншилигиң ҳәм садықлығың ҳақы, Сениң атың даңққа бөленсин!
10 Не ушын басқа халықлар: «Олардың Қудайы қаяқта?» – деп айтыўы керек?
11 Бизлердиң Қудайымыз көклерде, Ол нени қәлесе, соны ислейди.
12 Басқа халықлардың қудайлары гүмис ҳәм алтыннан, Адамның қоллары менен соғылған.
13 Аўызлары бар, сөйлемейди, Көзлери бар, көрмейди,
14 Қулақлары бар, еситпейди, Мурынлары бар, ийис сезбейди,
15 Қоллары бар, бирақ сезбейди, Аяқлары бар, жүрмейди, Тамақларынан даўыс шығара алмайды.
16 Оларды соққан ҳәм оларға үмит байлағанлардың ҳәммеси, Солар сыяқлы болып қалады!
17 Израил халқы, Жаратқан Ийеге үмит байлаң, Ол жәрдемшиңиз ҳәм қалқаныңыздур!
18 Харон урпағы, Жаратқан Ийеге үмит байлаң, Ол жәрдемшиңиз ҳәм қалқаныңыздур!
19 Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар, Жаратқан Ийеге үмит байлаң, Ол жәрдемшиңиз ҳәм қалқаныңыздур!
20 Жаратқан Ийе бизлерди еслеп, жарылқайды, Израил халқын жарылқайды, Харон урпағын жарылқайды.
21 Үлкенди-кишини, Өзинен қорқатуғынлардың ҳәммесин жарылқайды.
22 Сизлердиң ҳәм балаларыңыздың санын, Жаратқан Ийе көбейтсин!
23 Аспан ҳәм жерди дөреткен Жаратқан Ийе, Сизлерди жарылқасын!
24 Көклер Жаратқан Ийеге тийисли, Ал жер жүзин Ол адамларға берди.
25 Марҳумлар, үнсизлик мәканына түскенлер, Жаратқан Ийеге алғыслар айтпайды.
26 Бизлер Жаратқан Ийени алғыслаймыз, Ҳәзир ҳәм мәңгиге дейин. Ҳалилуйя!