1 Жаратқан Ийени сүйемен, Ол дадымды еситеди.
2 Маған қулақ түргени ушын, Өмирим бойы, Оны шақыраман.
3 Өлим арқанлары мени орап алды, Өлилер мәканының қорқынышы қыйнады, Мени ҳәсирет ҳәм қайғы басты.
4 Сонда Жаратқан Ийениң атын айтып шақырдым, «О Жаратқан Ийе, жанымды қутқар!» – дедим.
5 Жаратқан Ийе меҳрибан ҳәм әдил, Қудайымыз реҳимли.
6 Жаратқан Ийе сада адамларды сақлайды, Қәўип-қәтерде қалғанымда, мени қутқарады.
7 Ҳәй, жаным, және рәҳәтлене гөр, Жаратқан Ийе саған жақсылық қылды.
8 Жаратқан Ийе, Сен жанымды өлимнен, Көзлеримди жастан, Аяқларымды сүрнигиўден сақладың.
9 Тирилердиң әлеминде, Жаратқан Ийениң дәргайында жүремен.