1 «Қатты азап шегип атырман», – дегенимде де, Мен исенимимди жойтпадым.
2 Асығып, албырағанымда, «Барлық адамлар өтирикши», – дедим.
3 Маған қылған жақсылықларының есесин, Жаратқан Ийеге қалай қайтараман?
4 Қутқарғаны ушын ишимлик садақасын усынаман, Жаратқан Ийениң атын айтып шақыраман.
5 Пүткил халқының алдында, Жаратқан Ийеге айтқан антымды орынлайман.
6 Садық қулларының өлими, Жаратқан Ийениң нәзеринде қымбатлыдур.
7 О Жаратқан Ийе, шынында мен Сениң қулыңман, Шорыңның улыман, Сен мени буғаўдан азат еттиң.
8 Миннетдаршылық қурбанлығын Саған усынып, Сениң атыңды айтып шақыраман, Жаратқан Ийе.
9 Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисинде,
10 Ерусалим, сениң қақ ортаңда, Пүткил халықтың алдында, Жаратқан Ийеге айтқан антымды орынлайман. Ҳалилуйя!