Забур 117 bob

1 Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли, Сүйиспеншилиги мәңги даўам етеди!
2 Израил халқы былай десин: «Сүйиспеншилиги мәңги даўам етеди!»
3 Харонның урпағы былай десин: «Сүйиспеншилиги мәңги даўам етеди!»
4 Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар былай десин: «Сүйиспеншилиги мәңги даўам етеди!»
5 Қыйын жағдайымда Жаратқан Ийеге жалбарындым, Жуўап берип, Ол мени кеңисликке шығарды.
6 Жаратқан Ийе мениң менен бирге, қорқпайман, Не қыла алады адамлар маған?
7 Жаратқан Ийе мениң менен бирге, Ол мениң мәдеткерим, Мени жек көргенлердиң жеңилисин көремен.
8 Адамнан үмит еткеннен гөре, Жаратқан Ийеден пана излеген жақсы.
9 Ақсүйеклерден үмит еткеннен гөре, Жаратқан Ийеден пана излеген жақсы.
10 Барлық миллетлер мени қоршап алды, Жаратқан Ийениң аты менен қыйраттым оларды.
11 Қоршап алып, маған ҳүжим қылды, Жаратқан Ийениң аты менен қырдым оларды.
12 Ҳәррелердей мени қоршап алды, Бирақ жанған тикен путасындай тез өшип қалды, Жаратқан Ийениң аты менен қырдым оларды.
13 Мени қулатыў ушын қатты ийтерди, Бирақ Жаратқан Ийе маған жәрдем берди.
14 Жаратқан Ийе күш-қүдиретим, Қутқарыўға келди Ол мени.
15 Шадлық ҳәм жеңис даўыслары, Жаңлайды ҳақ адамлардың шатырларында: «Жаратқан Ийениң оң қолы қүдиретли ислер қылады!
16 Жаратқан Ийениң оң қолы жеңис береди, Жаратқан Ийениң оң қолы қүдиретли ислер қылады!»
17 Мен өлмеймен, жасайман, Жаратқан Ийениң ислерин жәриялайман.
18 Жаратқан Ийе мени қатаң жазалап, жолға салды, Бирақ өлимге тапсырмады.
19 Ашың маған әдалат дәрўазаларын, Кирип, Жаратқан Ийени тәрийиплейин.
20 Бул Жаратқан Ийениң дәрўазасы! Ҳақ адамлар оннан кире алады.
21 Сени тәрийиплеймен, себеби маған жуўап бердиң, Мени қутқарыўға келдиң.
22 Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
23 Ийемиз қылған бул ис, Көзимизге әжайып көринди!
24 Бүгин Жаратқан Ийениң жаратқан күни, Усы күни қуўанып, шадланайық!
25 Жалбарынамыз, Жаратқан Ийе, қутқар бизлерди, Жалбарынамыз, Жаратқан Ийе, бизлерге әўмет бер!
26 Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын! Жаратқан Ийениң үйинен саған пәтия беремиз.
27 Жаратқан Ийе – Қудайдур, бизлерге нур береди, Байрамды белгилеп баслаң, Жапырақлы шақаларды алып, қурбанлық орынға барың.
28 Сен мениң Қудайымсаң, Сени тәрийиплеймен, Сен мениң Қудайымсаң, Сени уллылайман.
29 Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли, Сүйиспеншилиги мәңги даўам етеди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.