1 Қандай бахытлы минсиз жолдан жүргенлер, Жаратқан Ийе, Сениң нызамың бойынша жасайтуғынлар!
2 Қандай бахытлы Сениң шәртлериңе әмел қылатуғынлар, Шын жүреги менен Сени излегенлер!
3 Олар ҳеш қандай наҳақлық қылмас, Сениң жолыңда жүрер.
4 Берген пәрманларыңды, Муқыятлы түрде орынлаўымызды тапсырдың.
5 Қәне енди, турақлы болсам, Сениң қағыйдаларыңды орынлаўда!
6 Егер барлық буйрықларыңнан нәзеримди айырмасам, Мен шерменде болмайман.
7 Сениң әдил нызамларыңды үйренгенимде, Пәк жүрек пенен Саған алғыс-мақтаў айтаман.
8 Қағыйдаларыңды орынлайман, Мени пүткиллей таслап кетпе!
9 Жас жигит қалай пәк жол менен жүре алады? Сениң сөзиң бойынша жасаў арқалы соған ериседи.
10 Пүткил жүрегим менен Саған умтыламан, Буйрықларыңнан аўып кетиўиме жол қойма!
11 Саған қарсы гүна ислемеўим ушын, Жүрегимде сақладым сөзлериңди.
12 Алғыслар болсын Саған, Жаратқан Ийе, Маған қағыйдаларыңды үйрет.
13 Аўзыңнан шыққан барлық қарарларыңды, Өз аўзым менен жәриялайман.
14 Шәртлериң менен жасап, шадланаман, Үлкен байлық тапқандай боламан.
15 Пәрманларың ҳаққында терең ой жуўыртаман, Сениң жолларыңа дыққат қыламан.
16 Қағыйдаларыңнан ләззет аламан, Сөзлериңди умытпайман.
17 Маған, қулыңа ийгилик қыл, Өмир сүрип, сөзиңе әмел қыламан.
18 Көзлеримди аш, Нызамыңдағы әжайып ислериңди көрейин.
19 Мен бир келгиндимен бул дүньяда, Буйрықларыңды меннен жасырма.
20 Бәрқулла Сениң ҳүкимлериңди, Жаным сағынып сарғаяды.
21 Буйрықларыңнан аўып кеткен, Нәлетленген тәкаббирлерди кейийсең.
22 Масқарашылық ҳәм хорлықты меннен узақластыр, Себеби шәртлериңди орынлап киятырман.
23 Басшылар жыйналып, маған қарсы өсек айтса да, Мен, қулың Сениң қағыйдаларың ҳаққында терең ой жуўыртаман.
24 Шәртлериңнен ләззет аламан, Олар маған ақыл береди.
25 Жаным әжелге жақынлап қалды, Ўәдең бойынша өмир бер маған.
26 Жүрген жолларымды айтып бердим, маған жуўап бердиң, Қағыйдаларыңды үйрет маған!
27 Пәрманларыңның мәнисин түсиндир, Солай етип, әжайып ислериң ҳаққында ой жуўыртайын.
28 Ғам-қайғыдан жаным ада болды, Ўәде қылғаныңдай, мени аяққа турғыз!
29 Жаман жолдан узақластыр, Мийримиң менен маған нызамыңды үйрет.
30 Садықлық жолын таңладым, Әдалатлы қағыйдаларыңды көз алдыма қойдым.
31 Шәртлериңди беккем услайман, Жаратқан Ийе, уятқа қалдырма мени!
32 Шын жүректен буйрықларыңның жолынан жүремен, Кеўлиме кең түсиник бердиң.
33 Қағыйдаларыңның жолын үйрет маған, Жаратқан Ийе, Мен оларды ақырына дейин орынлайман.
34 Түсиник бер, нызамыңа әмел қыламан, Шын жүрегимнен оған бойсынаман.
35 Буйрықларыңның жолы менен мени жетеле, Мен оннан рәҳәт аламан.
36 Жүрегимди наҳақ пайдаға емес, Ал Өз шәртлериңе қарай бур.
37 Көзлеримди бийҳуда нәрселерден қайтар, Өз жолыңда жанымды сақлай гөр.
38 Адамлар Сеннен қорқыўы ушын, Маған, Өз қулыңа берген ўәдеңди орынла.
39 Мени өзим қорққан шерменделиктен узақ қыл, Сениң қағыйдаларың ийгиликли.
40 Пәрманларыңа талпынаман, Сен әдалатлысаң, өмиримди сақла.
41 Маған сүйиспеншилигиңди көрсет, Жаратқан Ийе, Ўәдең бойынша қутқар мени!
42 Сонда мени мазақлағанларға жуўап қайтара аламан, Сениң сөзиңе исенемен.
43 Ҳақыйқат сөзиңди алып қойма аўзымнан, Сениң қарарларыңа үмит байлайман.
44 Нызамыңа ҳәмме ўақытта, Ҳәзир ҳәм мәңги-бақый әмел қыламан.
45 Мен еркин жүремен, Себеби пәрманларыңды орынлаўға тырысаман.
46 Патшалар алдында шәртлериңди айтаман, Буннан уялмайман.
47 Буйрықларыңнан ләззет аламан, Оларды жақсы көремен.
48 Буйрықларыңды сүйип, ҳүрмет етемен, Қағыйдаларың ҳаққында ой жуўыртаман.
49 Қулың болған маған берген ўәдеңди есле, Ол арқалы Сен маған үмит бердиң.
50 Сениң ўәдең өмиримди сақлайды, Азап ишинде қалғанымда усы маған жубаныш береди.
51 Тәкаббирлер мени ҳәдден тыс мазақлайды, Сонда да Сениң нызамыңнан жүз бурмадым.
52 Әййемги қағыйдаларыңды еслеймен, Солар маған жубаныш береди, Жаратқан Ийе.
53 Нызамыңнан жүз бурған жаўызлар себепли, Ғәзепке толып кетемен.
54 Қай жерде жасасам да, Сениң қағыйдаларыңды жырлап жүремен.
55 Түнде атыңды еслеймен, Жаратқан Ийе, Нызамыңа әмел қыламан.
56 Бул маған әдет болып қалған, Сениң пәрманларыңа әмел қыламан.
57 Мүтәжликлеримниң булағы Сенсең, Жаратқан Ийе, Сөзлериңди орынлайман, деп ўәде бердим.
58 Шын жүрегимнен Сениң мийримиңди излеймен, Ўәдең бойынша маған реҳим ет.
59 Тутқан жолларыма дыққат еттим, Шәртлериң бойынша адым аттым.
60 Буйрықларыңды орынлаўға, Асығаман ҳәм кешиктирмеймен.
61 Жаўызлардың арқанлары мени орап байлады, Ал мен нызамыңды умытпадым.
62 Әдил ҳүкимлериң ушын, Түн ортасында турып, Сени тәрийиплеймен.
63 Сеннен қорқатуғынлардың, Пәрманларыңа әмел қылатуғынлардың достыман.
64 Жер жүзи сүйиспеншилигиңе толы, Жаратқан Ийе, Қағыйдаларыңды үйрет маған!
65 Жаратқан Ийе, жақсылық қылдың қулыңа, Берген ўәдеңде турдың.
66 Маған зейин ҳәм түсиник бер, Сениң буйрықларыңа исенемен.
67 Азап шегиўден алдын жолдан адастым, Бирақ енди Сениң сөзиңе әмел қыламан.
68 Сен ийгиликлисең, жақсылық қыласаң, Маған қағыйдаларыңды үйрет.
69 Тәкаббирлер жалған сөйлеп, мени қаралады, Бирақ мен шын жүрегим менен пәрманларыңа бойсынаман.
70 Олардың жүреклерин май басқан, Ал мен нызамыңнан ләззет аламан.
71 Жақсы болды азап шеккеним, Усы арқалы қағыйдаларыңды үйрендим.
72 Аўзыңнан шыққан нызам мен ушын, Мыңлаған алтын ҳәм гүмистен баҳалыдур.
73 Сениң қолларың мени жаратып, пишим берди, Түсиник берип, буйрықларыңды үйрет.
74 Сеннен қорқатуғынлар мени көрип қуўансын, Мен Сениң сөзиңе үмит байладым.
75 Жаратқан Ийе, Сениң ҳүкимлериң әдил екенин билемен, Маған әдалатлы түрде азап шектирдиң.
76 Қулың болған маған берген ўәдең бойынша, Сүйиспеншилигиң мени жубатсын.
77 Маған реҳим қыл, аман жасайын, Нызамың мен ушын ләззетли.
78 Мени жалған айыплағаны ушын, Тәкаббирлер шерменде болсын. Ал мен пәрманларың ҳаққында ой жуўыртаман.
79 Шәртлериңди билетуғынлар, Сеннен қорқатуғынлар, Маған бет бурсын
80 Шерменде болмаўым ушын, Қағыйдаларыңа бола жүрегим минсиз болсын.
81 Қутқарыўыңа интизар болып, жаным ада болды, Сениң сөзиңе үмит байладым.
82 Берген сөзиңниң орынланыўын күтип, Көзлеримниң нуры сөнди, «Қашан мени жубатасаң?» – деп сорайман.
83 Тозған шапандай болып қалсам да, Умытпайман Сениң қағыйдаларыңды.
84 Қулың болған мен және қанша күтиўим керек? Мени қуўғын қылып атырғанларды қашан ҳүким қыласаң?
85 Нызамыңа бойсынбайтуғын тәкаббирлер, Шуқыр қазды мен ушын.
86 Барлық буйрықларың исенимли, Мени наҳақ қуўдаламақта, жәрдем бер!
87 Олар мени жер жүзинен жоқ қыла жазлады, Бирақ мен Сениң пәрманларыңнан айырылмадым.
88 Сүйиспеншилигиң ҳақы жанымды қорға, Аўзыңнан шыққан шәртлериңе әмел қыламан.
89 Жаратқан Ийе, сөзиң мәңги, Ол көклерде беккем турады.
90 Садықлығың әўладтан-әўладқа даўам етеди, Сен орнатқан жер жүзи беккем турады.
91 Қарарларың бойынша олар бүгинге дейин турыпты, Олардың ҳәммеси Саған хызмет етеди.
92 Егер нызамың маған ләззет бағышламағанда, Шеккен азапларымнан өлип кетер едим.
93 Пәрманларыңды ҳасла умытпайман, Солар арқалы өмиримди сақладың.
94 Мен Саған тийислимен, қутқар мени, Сениң пәрманларыңа талпынаман.
95 Жаўызлар мени жоқ қылыў ушын аңлыйды, Ал мен Сениң шәртлериңе дыққат аўдараман.
96 Сениң буйрықларыңнан басқа, Ҳеш бир нәрсе минсиз емес.
97 Нызамыңды қаншелли сүйемен! Күни бойы оның үстинде ой жуўыртаман.
98 Буйрықларың мени душпанларымнан гөре дана қылады, Буйрықларың мәңги мениң менен бирге.
99 Барлық устазларымнан гөре, ақыллырақ болдым, Себеби шәртлериң үстинде ой жуўырттым.
100 Жасы үлкенлерден гөре, данаман, Өйткени пәрманларыңа бойсындым.
101 Сениң сөзиңе әмел қылыў ушын, Жаман жолға аяқ басыўдан аўлақ болдым.
102 Қағыйдаларыңнан шетке шықпадым, Сен маған тәлим бергенсең.
103 Сөзлериң таңлайыма соншелли мазалы, Палдан да татлы мениң аўзыма!
104 Пәрманларың арқалы даналыққа ийе боламан, Соның ушын, ҳәр қандай жалған жолдан жеркенемен.
105 Сөзлериң қәдемлерим ушын шыра, Жолымды жарық қылатуғын нур.
106 Әдил қағыйдаларыңды орынлаўға ант иштим, Сөзимде турып, антымды орынлайман.
107 Көп азап шектим, Жаратқан Ийе, Ўәдең бойынша жанымды қорға.
108 Ықтыярлы садақам болған алғысларымды қабыл ет, Маған қағыйдаларыңды үйрет.
109 Жаным ҳәмме ўақытта қәўип астында, Сонда да нызамыңды умытпайман.
110 Жаўызлар дузақ қурды маған, Сонда да пәрманларыңнан шетке шықпадым.
111 Шәртлериң мәңги мийрасым, Жүрегимниң қуўанышы олар.
112 Қағыйдаларыңа ақырына дейин, Мәңгиге бойсыныўды қарар еттим.
113 Еки жүзлилерден жеркенемен, Сениң нызамыңды сүйемен.
114 Панам ҳәм қалқаным Сенсең, Сениң сөзиңе үмит байладым.
115 Ҳәй, жаўызлар, меннен аўлақ жүриң, Мен Қудайымның буйрықларын орынлайман.
116 Қудай, жасаўым ушын, ўәдең бойынша мени қоллап қуўатла, Үмитимди босқа шығарып, уялтпа!
117 Қутқарылыўым ушын, мени қоллап қуўатла, Мудамы дыққат саламан қағыйдаларыңа.
118 Қағыйдаларыңнан аўып кеткенлерден жүз бурасаң, Олардың ҳийлелери бийҳудадур.
119 Дүньядағы жаўызларды шығындыдай етип таслайсаң, Сонлықтан сүйемен Сениң шәртлериңди.
120 Сеннен қорққанымнан денем титирейди, Ҳүкимлериңнен қорқаман.
121 Әдил ҳәм туўры ислер қылдым, Езиўшилердиң қолына қалдырма мени!
122 Қулыңның бахтына кепиллик бер, Тәкаббирлердиң мени езиўине жол қойма.
123 Қулыңның бахтына кепиллик бер, Тәкаббирлердиң мени езиўине жол қойма.
124 Қулыңа сүйиспеншилигиңди көрсет, Маған қағыйдаларыңды үйрет.
125 Мен Сениң қулыңман, маған ақыл бер, Шәртлериңди билип алайын.
126 Жаратқан Ийе, Өз исиңди қылатуғын ўақтың келди, Адамлар нызамыңды бузды.
127 Сениң буйрықларыңды, Алтыннан, сап алтыннан да жақсы көремен.
128 Сен берген барлық пәрманларың бойынша қәдем басаман, Ҳәр бир жалған жолдан жеркенемен.
129 Сениң шәртлериң әжайып, Сонлықтан оларға әмел қыламан.
130 Мәниси ашылғанда, сөзлериң нур шашады, Садаларға ақыл береди.
131 Шөллеп, аўзымды ашаман, Сениң буйрықларыңа қуштарман.
132 Атыңды сүйгенлерге мудамы қылғаныңдай, Нәзер салып, маған реҳим көрсет.
133 Сөзиң менен қәдемлеримди беккемле, Ҳеш бир гүна мениң үстимнен ҳүкимдарлық қылмасын.
134 Адамлардың зулымлығынан азат қыл мени, Солай етип, пәрманларыңа әмел қыламан.
135 Сениң жүзиң қулың болған маған нурын шашсын, Қағыйдаларыңды үйрет маған.
136 Дәрья болып, жас төгилер көзлеримнен, Нызамыңа әмел қылмай атыр адамлар.
137 Сен әдилсең, Жаратқан Ийе, Ҳүкимлериң әдалатлы.
138 Буйырған шәртлериң әдалатлы, Олар толық исенимли.
139 Сөзлериңди умытты душпанларым, Соған деген ғәзебим диңкемди қуртты.
140 Сөзиң сондай пәк, Қулың оны сүйеди.
141 Мен керексизбен, хорланғанман, Бирақ пәрманларыңды умытпайман.
142 Сениң әдалатың мәңгидур, Нызамың ҳақыйқатдур.
143 Қайғы ҳәм азапқа дус келсем де, Ләззет аламан буйрықларыңнан.
144 Шәртлериң мәңгиге әдалатлыдур, Жасаўым ушын маған ақыл бер.
145 Пүткил жүрегим менен жалбарынаман, Жуўап бер маған, Жаратқан Ийе!Сениң қағыйдаларыңа әмел қыламан.
146 Мени қутқар деп, Саған дад саламан, Шәртлериңе әмел қыламан.
147 Күн шықпастан турып, жәрдем сорайман, Сениң сөзиңе үмит байлайман.
148 Берген ўәдеңди түсинейин деп, Түни бойы уйқы келмес көзиме.
149 Сүйиспеншилигиң бойынша даўысыма қулақ сал, Ҳүкимлериң бойынша, жанымды аман сақла, Жаратқан Ийе!
150 Жаўыз жоба дүзетуғынлар жақынлап қалды, Олар нызамыңнан узақласқан.
151 Бирақ Жаратқан Ийе, Сен жанымдасаң, Барлық буйрықларың ҳақыйқатдур.
152 Шәртлериңди мәңгиге тайынлағаныңды, Бурыннан мен түсиндим.
153 Шеккен азапларыма қара, қутқар мени, Нызамыңды умытпадым.
154 Сен мени жақлап, мени қутқар, Ўәдең бойынша жанымды сақла.
155 Қутқарылыў жаўызлардан узақдур, Сениң қағыйдаларыңды олар излемес.
156 Реҳимиң уллыдур, Жаратқан Ийе, Ҳүкимлериң бойынша жанымды сақла.
157 Мени қуўдалайтуғын душпанларым көп, Сонда да шәртлериңнен шетке шықпадым.
158 Опасызларды көргенимде жеркенемен, Олар көрсетпелериңе әмел қылмайды.
159 Қара, пәрманларыңды қаншелли сүйемен, Сүйиспеншилигиң менен жанымды сақла.
160 Сөзиңниң негизи ҳақыйқатдур, Әдил ҳүкимлериңниң ҳәммеси мәңги даўам етеди.
161 Ҳүкимдарлар мени айыпсыз қуўдалайды, Ал жүрегим сөзиңнен қорқады.
162 Көп олжа тапқан адамдай, Сениң сөзлериңе сондай қуўанаман.
163 Жалғаннан тиксинип, жеркенемен, Бирақ Сениң нызамыңды сүйемен.
164 Әдил ҳүкимлериң ушын, Күнине жети мәрте Саған алғыслар айтаман.
165 Нызамыңды сүйгенлер уллы абаданшылыққа жетисер, Олар ҳеш нәрсеге сүрникпес.
166 Жаратқан Ийе, қутқарыўыңнан үмит қыламан, Буйрықларыңды орынлайман.
167 Шәртлериңе әмел қыламан, Мен оларды жүдә жақсы көремен.
168 Пәрман ҳәм шәртлериңе әмел қыламан, Барлық жолларымнан хабарың бар.
169 Пәриядым Саған жетсин, Жаратқан Ийе, Сөзиң бойынша даналық бер маған.
170 Жалбарыныўым Саған жетип барсын, Ўәдең бойынша қутқар мени!
171 Аўзым алғыс-мақтаўға толып тассын, Маған қағыйдаларыңды үйретесең.
172 Тилим сөзиңди жырласын, Барлық буйрықларың әдил.
173 Қолың маған жәрдем берсин, Пәрманларыңа бойсыныўды таңладым.
174 Қутқарыўыңды аңсайман, Жаратқан Ийе, Нызамыңнан ләззет аламан.
175 Жанымды сақла, Саған алғыслар айтайын, Ҳүкимлериң маған жәрдем берсин.
176 Жойтылған қойдай жолдан адастым, Қулыңды излеп таўып ал, Себеби буйрықларыңды умытпадым.