1 Қыйын жағдайға түскенимде, Жаратқан Ийеге пәрияд салдым, Ол маған жуўап берди.
2 Жаратқан Ийе, қутқар жанымды жалған сөзлерден, Өтирикши тиллерден.
3 Ҳәй, өтирикши тил, Жаратқан Ийе басыңа не салады? Және саған нелерди қылар екен?
4 Ол сени жаўынгердиң өткир оқлары менен, Жанып турған отынның шоқлары менен жазалайды.
5 Сорым қурысын, Мешехте келгиндимен, Кедар халқының шатырлары арасында жасайман.
6 Тынышлықты жек көретуғынлардың арасында, Узақ ўақыт бирге турдым.
7 Мен тынышлық тәрепдарыман, Сөйлейин деп аўзымды ашсам, Олар урысыўға таяр.