1 Көзлеримди таўларға тигемен, Қай жерден жәрдем келеди маған?
2 Аспан ҳәм жерди дөреткен Жаратқан Ийеден келеди жәрдем.
3 Ол аяқларыңның сүрнигиўине жол қоймас, Сени қорғаўшы мүлгимес.
4 Қара, Израилдың қорғаўшысы, Мүлгимейди де, уйықламайды да.
5 Жаратқан Ийе – сениң қорғаўшың, Ол – сениң оң жағыңдағы көлеңкең.
6 Күндиз қуяштың ыссылығы, Түнде айдың сәўлеси саған зыян тийгизбес.
7 Жаратқан Ийе сени барлық жаманлықтан сақлайды, Ол сениң жаныңды қорғайды.
8 Барар ҳәм қайтар жолларыңда, Жаратқан Ийе ҳәзир ҳәм мәңгиге сени қорғайды.