1 «Жаратқан Ийениң үйине барайық», деп, Маған айтқанда, қуўанып кеттим.
2 Ерусалим, дәрўазаларыңның ишине қәдем бастық!
3 Дийўаллары бир-бири менен тутасқан, Ерусалим беккем қала болып салынған.
4 Израилға берилген нызам бойынша, Жаратқан Ийениң атына алғыс айтыў ушын, Урыўлар, Жаратқан Ийеге тийисли урыўлар, Ол жерге көтерилип барады.
5 Ол жерде ҳүким тахтлары, Даўыт урпағының тахтлары қурылған+.
6 Тынышлық тилең Ерусалимге: «Сени сүйетуғынлар тыныш өмир сүрсин!
7 Сениң дийўалларыңның ишинде тынышлық, Қорғанларыңда бийқәтерлик болсын!»
8 Туўысқанларым ҳәм досларым ҳақы, «Тынышлық болсын саған!» – деймен.
9 Қудайымыз Жаратқан Ийениң үйи ҳақы, Саған ийгилик тилеймен.