1 Көклерде тахт қурған Қудай! Көзлеримди Саған тигемен.
2 Қуллардың көзлери хожайынының, Шорының көзлери ханымының қолына тигилсе, Бизлерге реҳим қыл, деп, Бизлердиң көзлеримиз Жаратқан Ийеге, Қудайымызға тигилген.
3 Реҳим қыл бизлерге, Жаратқан Ийе, реҳим қыл, Көрген хорлығымыз жетип артады.
4 Рәҳәтте жасап атырғанлардың масқаралаўы, Тәкаббирлердиң хорлаўы, Жанымыздан тойдырып жиберди.