1 Жаратқан Ийе Сионның абаданшылығын және қайтарғанда, Түс көрип атырған адамға уқсаған едик.
2 Аўзымыз күлкиге, Тиллеримиз шадлық шаўқымларына толды. Сонда халықлар өз ара былай дести: «Жаратқан Ийе олар ушын уллы ислер қылды».
3 Жаратқан Ийе бизлер ушын уллы ислер қылды, Бизлер қуўанышқа толдық.
4 Негеб шөлиндеги сайларды суўға толтырғаның яңлы, Жаратқан Ийе, абаданшылығымызға қайтар.
5 Көз жас төгип дән еккенлер, Шадлық пенен зүрәәт орар.
6 Туқым қалтасын көтерип, жылап баратырғанлар, Шадланып, дән баўларын алып қайтар.