1 Қандай бахытлы Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар, Оның жоллары менен жүретуғынлар!
2 Еткен мийнетиңниң жемисин жейсең, Бахытлы болып, абадан турмыс кеширесең.
3 Ҳаялың үйиңде жемисли бир жүзим путасындай, Балаларың дастурхан дөгерегинде зәйтүн нәлшесиндей болады.
4 Жаратқан Ийеден қорқатуғын адам, Мине, усылай жарылқанады.
5 Жаратқан Ийе сени Сионнан жарылқасын! Пүткил өмириң бойы, Ерусалимниң табысқа ерискенин көресең!
6 Балаларыңның балаларын көресең! Израилға тынышлық болсын!