1 «Душпанларым жаслығымнан мени көп жәбирледи», Израил былай деп айтсын,
2 «Аўа, олар жаслығымнан мени көп жәбирледи, Бирақ мени жеңе алмады.
3 Жер айдаўшылар арқамда қос айдады, Узын қарықтай етип, из қалдырды.
4 Бирақ Жаратқан Ийе әдилдур, Қырқып таслады жаўызлардың арқанларын».
5 Сионды жек көретуғынлардың ҳәммеси, Шерменде болып, артқа шегинсин.
6 Олар өспей атырып, қуўрап қалатуғын, Там үстиндеги шөпке уқсап қалсын.
7 Буған орақшылардың қысымы толмайды, Баўлаўшылардың қушағы толмайды.
8 Сонда жолдан өткен-кеткенлер: «Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын, Жаратқан Ийениң аты менен сизлерге ақ пәтия беремиз», – деп айтпайды.