1 Ақмақлар өз кеўлинде: «Қудай жоқ», – дер. Олар бузылды, жеркенишли ислер қылар, Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ.
2 Ақыллы ҳәм Қудайды излейтуғын бар ма, деп, Жаратқан Ийе көктен қарар адамзатқа.
3 Ҳәмме адасқан, бирдей бузылған, Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ, Бирде биреўи жоқ!
4 Жаўызлық қылыўшылардың ҳәммеси, Халқымды нандай етип жейтуғынлар, Жаратқан Ийени шақырмайтуғынлар түсинбей ме?
5 Оларды қорқыныш басып баратыр, Қудай ҳақ адамлар менен биргедур.
6 Напәклер езилгенлердиң нийетин пушқа шығарса да, Жаратқан Ийе езилгенлердиң панасыдур.
7 Келсе еди Израилдың қутқарылыўы Сионнан! Жаратқан Ийе Өз халқын абаданшылыққа және еристирсе, Яқыптың урпақлары шадланып, Израил қуўанар еди!