1 Жаратқан Ийе, жүрегимде менменлик жоқ, Көзим тәкаббирлик пенен қарамайды, Уллы ислер менен,Ақылым жетпейтуғын ислер менен өзимди бәнт қылмайман.
2 Бала анасының баўырында тынышланғанындай, Мен де жеңил тартып, тынышландым. Аўа, тынышланған баладай жаным жай тапты.
3 Ҳәй, Израил, бүгиннен баслап мәңгиге, Жаратқан Ийеге үмит байла!