1 Жаратқан Ийе, есле Даўытты, Оның көрген барлық қыйыншылықларын.
2 Ол Саған ант ишкен еди, Яқыптың Күшли Қудайы, Ол Саған ўәде берген еди:
3 «Мен кирмеймен үйиме, Жатпайман төсегиме,
4 Көзлериме уйқы бермеймен, Қабақларымның жумылыўына жол қоймайман,
5 Жаратқан Ийеге бир орын, Яқыптың Күшли Қудайына бир мәкан салмағанша!»
6 Келисим сандығының Эфратада екенин еситтик, Бизлер оны Яар далаларынан таптық.
7 «Жаратқан Ийениң мәканына барайық, Оның аяқ қойғышының алдында сыйынайық», – дедик.
8 Көтерил, Жаратқан Ийе, Өз мәканыңа, Қүдиретиңниң белгиси болған сандығың менен бирге.
9 Руўханийлериң әдилликке бүркенип алсын, Садық қулларың шадланып бақырыссын.
10 Қулың Даўыт ушын, Майлаған патшаңнан жүз бурма.
11 Жаратқан Ийе, Сен Даўытқа ант ишкен едиң, Сен усы антыңнан ҳасла қайтпайсаң: «Урпағыңнан, улларыңнан бирин, Сениң тахтыңа отырғызаман.
12 Егер улларың келисимиме әмел қылса, Оларға үйреткен қағыйдаларымды орынласа, Олардың балалары да мәңгиге, Сениң тахтыңа отырады».
13 Жаратқан Ийе Сионды таңлады, Онда Өзи жасаўды қәледи.
14 Ол былай деди: «Мениң мәңги мәканым усы, Усы жерге орналасаман, буны Өзим қәледим.
15 Ол жердиң азық-аўқатын берекетлеймен, Ондағы жарлыларды тойдыраман.
16 Қутқарылыўға бөлеймен руўханийлерди, Маған садықлар шадланып бақырады.
17 Ол жерде Даўыт урпағынан бир күшли патша шығараман, Өзим майлаған патшаның шырағын сөндирмеймен.
18 Душпанларын шерменделикке бүркеймен, Ал оның басындағы таж жарқырап тура береди».