Забур 134 bob

1 Ҳалилуйя! Жаратқан Ийениң атына алғыс-мақтаўлар айтың! Жаратқан Ийениң қуллары, алғыс-мақтаўлар айтың,
2 Ҳәй, сизлер, Жаратқан Ийениң Үйинде, Қудайымыздың Үйиниң ҳәўлисинде хызмет қылатуғынлар!
3 Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтың, Жаратқан Ийе – ийгиликли. Оның атына арнап, саз шертип, алғыс айтың, Оның аты сүйкимли.
4 Жаратқан Ийе Өзиники етип Яқып урпағын, Өз ғәзийнеси етип Израилды таңлады.
5 Билемен, Жаратқан Ийе уллыдур, Ийемиз барлық қудайлардан мәртебелидур.
6 Көклерде, жер жүзинде, Теңизлерде, пүткил түпсизликлерде, Жаратқан Ийе нени қәлесе, соны ислейди.
7 Жер жүзиниң шетинен бултларды көтерер, Жаўын ушын шақмақ шақтырар, Телеклеринен самал естирер.
8 Мысырда биринши туўылғанларды, Адамлардан баслап ҳайўанларға дейин өлтирди.
9 Фараон ҳәм оның хызметкерлерине қарсы, Мысырдың ортасында белгилер ҳәм кәраматлар көрсетти.
10 Ол көп миллетлерди қырып таслады, Қүдиретли патшаларды өлтирди:
11 Амор патшасы Сихонды, Башан патшасы Огты, Пүткил Қанан патшалықларын.
12 Олардың жерлерин мүлик етип, Аўа, мүлик етип халқы Израилға берди.
13 Жаратқан Ийе, Сениң атың мәңги турады, Әўладтан-әўладқа Сени шақырады.
14 Жаратқан Ийе халқын қорғап, Қулларына реҳим қылады.
15 Халықлардың бутлары гүмис ҳәм алтындур, Инсан қолының дөретпесидур.
16 Аўызлары бар, сөйлей алмас, Көзлери бар, көре алмас,
17 Қулақлары бар, есите алмас, Ҳәттеки, дем ала алмас.
18 Оларды соққан, оларға исенгенлердиң ҳәммеси, Оларға уқсап қалар!
19 Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийеге алғыслар айтың! Ҳәй, Харон урпағы, Жаратқан Ийеге алғыслар айтың!
20 Ҳәй, Лебий урпағы, Жаратқан Ийеге алғыслар айтың! Ҳәй, Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар, Оған алғыслар айтың!
21 Ерусалимде орналасқан Жаратқан Ийеге, Сионда алғыслар болсын! Ҳалилуйя!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.