1 Бабилондағы дәрьялардың бойында отырып, Сионды еслеп, жыладық.
2 Дөгеректеги талларға, Лираларымызды илдирип қойдық.
3 Ол жерде тутқынға алғанлар бизлерден жыр айтыўымызды, Бизлерге зулымлық қылғанлар шадлық қосығын талап етип: «Сион қосықларынан айтыңлар», – деди.
4 Бөтен журтта жүргенимизде, Қалай Жаратқан Ийениң қосығын айта аламыз?
5 Ҳәй, Ерусалим, егер сени умытсам, Қолым саз шерте алмай қалсын.
6 Егер мен сени еслемесем, Ерусалимди ең үлкен шадлығымнан үстем қоймасам, Тилим қосық айта алмай қалсын.
7 Ерусалим қулаған күни, Эдомлылардың не ислегенин есле, Жаратқан Ийе. Олар: «Қулатың, тийкарына дейин жығып таслаң оны!» – деген еди.
8 Ҳәй, қыз Бабилон, сен ўайран етилесең, Бизлерге не қылған болсаң, Соны сениң басыңа салатуғынлар қандай бахытлы!
9 Бөпелериңди услап алып, Тасқа урып, шыл-пәрше қылатуғынлар қандай бахытлы!