Забур 138 bob

1 О, Жаратқан Ийе, мени тексердиң ҳәм мени билесең,
2 Қашан отырып, қашан туратуғынымды билесең, Нийетимди узақтан түсинип турасаң.
3 Жүрсем де, жатсам да, мени тексересең, Хабарың бар барлық жолларымнан.
4 Аўзымнан еле бир сөз де шықпай турып, Не айтажағымды Сен толық билесең, Жаратқан Ийе.
5 Мени алды-артымнан орап алғансаң, Қолыңды үстиме қойғансаң.
6 Усы даналығың мен ушын жүдә әжайыпдур, Дым бәлент, оны түсинип жете алмайман.
7 Сениң Руўхыңнан қаяққа қаша аламан? Сениң дәргайыңнан қаяққа кете аламан?
8 Көклерге шықсам, Сен сол жерде барсаң, Өлилер мәканына түссем, Сен ол жерде де барсаң.
9 Таңның қанатларына минип ушсам, Теңиздиң арғы жағасына қонсам,
10 Ол жерде де қолың мени жетелер, Оң қолың мени услап турар.
11 Егер: «Қараңғылық мени қапласын, Әтирапымдағы жақтылық түнге айлансын», – десем,
12 Қараңғылық Сен ушын қараңғы емес, Түн күндиздей жақты, Қараңғылық та, жақты да, Сен ушын бирдей.
13 Сен мениң жан-тәнимди жараттың, Анамның қурсағында мени дөреттиң.
14 Саған алғыс айтаман, Мен таң қаларлық ҳәм әжайып етип жаратылғанман. Сениң ислериң әжайып, Буны жүдә жақсы билемен.
15 Жасырын жерде жаратылғанымда, Жердиң түбинде дөретилгенимде,Сүйеклерим Сеннен жасырын емес еди.
16 Жатырға түскен ўақтымнан-ақ мени Сениң көзлериң көрди, Маған ажыратылған күнлердиң еле ҳеш бири келместен бурын, Ҳәммеси Сениң китабыңа жазылған еди.
17 Мен ҳаққында нийетлериң қаншелли сырлы, Қудай, Олардың есап-саны жүдә көп!
18 Егер санасам, олар қумнан да көп, Оянғанымда, мен еле Сениң менен биргемен.
19 Қәне енди, жаўызларды өлтирсең, Қудай! Қанхорлар меннен узақласың!
20 Олар Сен арқалы ант ишип, сум жоба дүзеди, Душпанларың Сениң атың менен жалған ант ишеди.
21 Жаратқан Ийе, Сени жек көргенлерди қалай жаман көрмейин? Саған қарсы шыққанлардан қалай жеркенбейин?
22 Мен оларды пүткиллей жек көремен, Оларды өзимниң душпаным деп есаплайман.
23 Қудай, мени тексерип, жүрегимди бил, Мени сынап көр ҳәм пикирлеримди бил.
24 Қара, қәўипли жолда жүрген жоқпан ба? Мени Өзиң мәңгилик жолына жетеле!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.