1 Жаратқан Ийе, ким жасай алады Сениң шатырыңда? Ким мәканлай алады мухаддес таўыңда?
2 Минсиз жасап, әдил ис қылғанлар, Жүректен ҳақ гәп айтқанлар.
3 Басқаларға жала жаўмағанлар, Достына жаманлық ислемегенлер, Жақынын уятқа қалдырмағанлар.
4 Қудай бийзар адамлардан жеркенетуғынлар, Жаратқан Ийеден қорқатуғынларды ҳүрмет ететуғынлар, Өзине зыян болса да, ишкен антында туратуғынлар.
5 Пул берип, сүтхорлық қылмағанлар, Айыпсызға қарсы гүўалық бериў ушын пара алмағанлар. Мәңги сүрникпес усылай жасағанлар.