1 Даўыслап дад саламан Жаратқан Ийеге, Даўыслап жалбарынаман Жаратқан Ийеге.
2 Оған дәртлеримди төгемен, Оның алдында қайғыларымды баян етемен.
3 Руўхым түскенде, Жүрер жолымды Сен билесең. Мен жүретуғын соқпақларда, Жаўларым дузақ қойған.
4 Оң жағыма қарап көр, Ҳеш ким мени ойламайды, Паналайтуғын жерим қалмады, Ҳеш ким мени қайғырмайды.
5 Саған жалбарынаман, Жаратқан Ийе, «Сен мениң панамсаң, Тирилер әлеминде үлесим Өзиңсең», – деп жалбарынаман.
6 Дадыма қулақ сал, Мен жүдә ҳәлсиредим. Изиме түскенлерден қутқар мени, Олар меннен күшлирек.
7 Шығарып ал жанымды қамақтан, Солай етип, атыңа алғыс айтайын. Әтирапымды ҳақ адамлар қоршайды, Себеби Сен маған жақсылық қыласаң.