1 Қолларымды урысқа, Бармақларымды саўашқа үйреткен, Қорғаўшы жартасым болған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
2 Ол мени сүйеди, Ол мениң қорғаным, Бекинисим ҳәм қутқарыўшым, Ол мениң қалқаным ҳәм панам, Халықларды Ол маған бойсындырады.
3 Жаратқан Ийе, Сен ғамхорлық қылғандай, инсан ким болыпты? Сен нәзериңди салғандай, адам баласы ким болыпты?
4 Инсан бир дем сыяқлы, Адамзаттың өмири өткинши бир көлеңке яңлы.
5 Жаратқан Ийе, көклерди ашып, төменге түс, Таўларға қол тийгиз, олардан түтин шықсын.
6 Шақмақ шақтырып, жаўларды шашып тасла, Оқларыңды атып, оларды албырат.
7 Жоқарыдан қолыңды созып, қутқар мени, Терең суўлардан шығарып ал мени, Жат журтлылардың қолынан азат ет.
8 Олардың аўзы жалғанға толы, Оң қолларын көтерип, өтирик ант ишеди.
9 Қудай, Саған жаңа қосық айтаман, Он тарлы арфа шертип, Сени алғыслайман.
10 Патшаларға Сен жеңис сыйлайсаң, Қулың Даўытты қылыштан қутқарасаң.
11 Жат жерлилердиң қолынан, Мени қутқарып, азат қыл. Олардың аўзы жалғанға толы, Оң қолларын көтерип, өтирик ант ишеди.
12 Улларымыз жаслығында жақсы өскен өсимликке уқсасын, Қызларымыз сарайдың нағыслы сүтинлери сыяқлы болсын.
13 Телеклеримиз түрли азық-аўқатларға толып тассын. Қойларымыз мыңлап, он мыңлап көбейип, Жайлаўларымызды толтырсын,
14 Өгизлеримиз семиз болсын. Қорғанларымыз ҳеш қашан тесилмесин, Адамларымыз сүргин қылынбасын, Көшелеримизде зар жылаған даўыс шықпасын!
15 Усындай тилеклери әмелге асқан халық қандай бахытлы! Қудайы Жаратқан Ийе болған халық қандай бахытлы!