Забур 144 bob

1 Қудайым, Патша, Сени уллылайман, Атыңды мәңги-бақый алғыслайман.
2 Сени ҳәр күни алғыслайман, Атыңды мәңги-бақый даңққа бөлеймен.
3 Жаратқан Ийе уллы, Ол мақтаўға жүдә ылайықлы, Оның уллылығына ақыл жетпес.
4 Ислериңди бир әўлад екинши әўладқа мақтап жеткизеди, Қүдиретли ислериңди айтып береди.
5 Сениң салтанатлы уллылығың, Әжайып ислериң ҳаққында ой жуўыртаман.
6 Адамлар таң қаларлық ислериңниң қүдирети ҳаққында айтады, Мен жәриялайман уллы ислериңди!
7 Адамлар уллы ийгилигиң ҳаққында баян етеди, Әдалатлығыңды жәриялап, шадланып бақырады.
8 Жаратқан Ийе мийримли ҳәм реҳимли, Сабыр-тақатлы ҳәм сүйиспеншилиги мол.
9 Жаратқан Ийе ҳәммеге ийгиликли, Жаратқанларының ҳәммесине реҳимли.
10 Барлық жаратқанларың Сени алғыслайды, Жаратқан Ийе, Садық қулларың Саған алғыс-мақтаўлар айтады.
11 Олар патшалығыңның уллылығы ҳаққында сөйлеп, Күш-қүдиретиң туўрысында айтып береди.
12 Солай етип, ҳәмме Сениң күш-қүдиретиңди, Патшалығыңның уллы даңқын биледи.
13 Сениң патшалығың – мәңги патшалық болар, Ҳүкимдарлығың әўладтан-әўладқа даўам етер.
14 Жаратқан Ийе жығылғанларға сүйениш болады, Еки бүгилгенлердиң қәддин туўрылайды.
15 Ҳәмме үмит етип, Саған қарайды, Өз ўақтында олардың ырысқысын бересең.
16 Сен қолыңды ашып, Пүткил жанзатларды қәлегенинше тойдырасаң.
17 Жаратқан Ийе барлық жолларында әдил, Ислеген барлық ислеринде сүйиспеншилигин көрсетеди.
18 Жаратқан Ийе Өзин шақырғанларға, Шын кеўилден шақырғанларға жақын болады.
19 Өзинен қорққанлардың тилегин береди, Наласын еситип, оларды қутқарады.
20 Жаратқан Ийе Өзин сүйгенлердиң ҳәр бирин қорғайды, Жаўызлардың ҳәммесин жоқ етеди.
21 Аўзым Жаратқан Ийеге алғыслар айтсын! Пүткил жанзатлар Оның мухаддес атына, Мәңги-бақый алғыс-мақтаўлар айтсын.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.