1 Ҳалилуйя! Ҳәй, жаным, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айт.
2 Тири екенмен, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтаман, Бар екенмен, Қудайыма саз шертип, Оған алғыс айтаман.
3 Үмит байламаң ақсүйеклерге, Сизлерди қутқара алмайтуғын инсанларға.
4 Олардың деми таўысылып, топыраққа қайтар, Сол күни-ақ, ой-нийети жоқ болар.
5 Қандай бахытлы жәрдемшиси Яқыптың Қудайы болған инсанлар, Үмити Қудайы Жаратқан Ийеде болғанлар!
6 Аспанды, жерди, теңизди, Ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан, Мәңгиге садық болған,
7 Езилгенлерге әдалатлық қылатуғын, Аш болғанларға нан беретуғын Ол болады. Жаратқан Ийе тутқынларды азат қылады,
8 Соқырлардың көзин ашады, Еки бүгилгенлердиң қәддин тиклейди, Ҳақ адамларды сүйеди.
9 Жаратқан Ийе келгиндилерди қорғайды, Жетим-жесирлерди қоллап қуўатлайды, Жаўызларды жолларынан адастырады.
10 Ҳүкимдарлық қылады Жаратқан Ийе мәңгиге, Сион, сениң Қудайың ҳүкимдар болады әўладтан-әўладқа. Ҳалилуйя!