1 Жаратқан Ийени даңққа бөле, ҳәй, Ерусалим! Қудайыңа алғыслар айт, ҳәй, Сион!
2 Дәрўазаларыңның тәмбилерин Ол беккемлейди, Ишиндеги балаларыңды жарылқайды.
3 Елиңе тынышлық береди, Сени ең жақсы бийдай менен тойдырады.
4 Жер жүзине Өз буйрығын жибереди, Оның айтқан сөзи тез жайылады.
5 Мамықтай етип қар жаўдырады, Қыраўды күл киби шашады.
6 Буршақты усақтай етип жаўдырады, Оның қақаман аязына ким шыдай алады?
7 Өзи буйрық берип, музларды еритеди, Самалды естирип, суўларды ағызады.
8 Буйрықларын Яқыптың урпағына, Қағыйда ҳәм нызамларын Израилға билдирди.
9 Бундай қылмады басқа халықларға, Олар Оның нызамларын билмейди. Ҳалилуйя!