1 Ҳалилуйя! Мухаддес мәканында Қудайға алғыслар айтың! Қүдиретин көклерде Оған алғыслар айтың!
2 Алғыслар айтың Оған қүдиретли ислери ушын! Алғыслар айтың Оған теңсиз уллылығына жараса!
3 Кәрнай шертип, Оған алғыслар айтың! Арфа ҳәм лира шертип, Оған алғыслар айтың!
4 Дәп қағып, ойынға түсип, Оған алғыслар айтың! Тарлы саз әсбап ҳәм сыбызғы шертип, Оған алғыслар айтың!
5 Кимбаллар қағып, Оған алғыслар айтың! Бәлент даўыслы кимбаллар менен Оған алғыслар айтың!
6 Мурнында деми бар барлық тири жанлар, Жаратқан Ийеге алғыслар айтың! Ҳалилуйя!