1 Жаратқан Ийе, әдиллик ушын дуўа етемен, есит мени, Пәриядымды тыңла, Ҳийлесиз аўзымнан шыққан дуўама қулақ сал!
2 Өзиң ҳүким етип, ҳақлығымды көрсет, Көзлериң әдилликти көрсин.
3 Жүрегимди изертлеп, түнде сынадың, Мени толық тексерсең де, ҳеш нәрсе таппадың. Аўзым гүна қылмасын, деп қарар қылдым.
4 Басқа адамлардың қылмысларын қылмадым, Сениң аўзыңнан шыққан сөзге әмел қылып, Зорлық қылыў жолынан аўлақ жүрдим.
5 Қәдемлерим менен Сениң жолыңды туттым, Ҳеш қашан тайып кетпеди аяқларым.
6 Саған жалбарынаман, Қудай, Себеби маған жуўап бересең. Қулақ сал, тыңла сөзлеримди!
7 Көрсет Өз сүйиспеншилигиңди, Душпанларынан пана излеп, Саған келгенлерди оң қолың менен азат ет!
8 Көзиңниң қарашығындай етип қорға мени, Қанатларыңның саясына жасыр,
9 Жаўызлардың ҳүжиминен, Сақла мени жаныма қас болып, қоршап алғанлардан.
10 Олардың жүреклерин май басқан, Менмен сөзлер шығар аўзынан.
11 Олар изиме түскен, қоршап алған, Жерге урыў ушын маған көзлерин тиккен.
12 Олар мени тилкимлемекши болған арыслан киби, Буққыда жатырған жыртқыш арыслан сыяқлы.
13 Кел, Жаратқан Ийе, оларға қарсы тур, Оларды дизерлетип, тәжим қылдыр, Қылышың менен напәклерден мени қутқар.
14 Өз қолың менен аман сақла, Жаратқан Ийе, Несийбеси бул дүньядан болған адамлардан. Қарынлары Сен таярлап қойған жазаға тойсын, Балалары да жеп тойсын, Аўысып қалғаны олардың балаларына да қалсын!
15 Ал мен, әдилликте Сениң жүзиңди көрейин, Оянып, дийдарыңа тояйын.