Забур 17 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Жаратқан Ийениң қулы Даўыттың жыры. Жаратқан Ийе оны пүткил душпанларынан ҳәм Шаулдың қолынан қутқарған күнде, Даўыт усы жырды Оған арнап айтқан
2 Сени сүйемен, күш-қүдиретим Сенсең, Жаратқан Ийе!
3 Жаратқан Ийе – сүйенген таўым, қорғаным ҳәм қутқарыўшым. Қудайым мениң қорғаўшы жартасым, Оннан пана табаман, Ол қалқаным, қүдиретли қутқарыўшым ҳәм қорғанымдур!
4 Мақтаўға ылайықлы Жаратқан Ийени шақыраман, Қутқарыламан душпанларымнан.
5 Әжел арқанлары шырмап алып, Набыт қылыў ағыслары қорқытты мени.
6 Өлилер мәканының арқанлары байлады мени, Өлим дузақлары шықты қарсыма.
7 Азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарындым, Жәрдемге шақырдым Қудайымды. Ибадатханасынан Ол даўысымды еситти, Қышқырғаным қулағына жетип барды.
8 Сол ўақытта жер жүзи титиреп, шайқалды, Силкинди таўлардың негизги тырнақлары, Себеби Жаратқан Ийе ғәзепке минген еди.
9 Мурнынан түтин көтерилди, Аўзынан жалмап жутатуғын жалын шығып, Оннан көмир шоғы жаўды.
10 Көклерди жарып, төменге түсти, Қара булт Оның аяғының астында.
11 Бир керубқа минип, Самалдың қанатлары үстинде ушып келди.
12 Өзин жасырыў ушын түнекти перде қылды, Қойыў қара бултларды Өзине шертек қылды.
13 Оның алдындағы нурдан, Буршақ ҳәм көмир шоғы қара бултларды жарып шықты.
14 Гүркиреди аспанда Жаратқан Ийе, Даўыс берди Қудай Таала. Буршақ ҳәм көмир шоғы жаўды.
15 Оқларын атып, душпанларды пытыратты, Шақмақ шақтырып, оларды албыратып таслады.
16 Жаратқан Ийе, Сениң кейисиңнен, Мурныңнан шыққан күшли демиңнен, Суўлардың түби көринди, Дүньяның тийкары ашылып қалды.
17 Алды мени Жаратқан Ийе қолын созып жоқарыдан, Ҳәм шығарды терең суўлардан.
18 Қутқарды мени күшли душпанымнан, Меннен күшлирек болған, Мени жек көретуғынлардан.
19 Қарсы турды олар маған басыма ис түскенде, Бирақ тирек болды маған Жаратқан Ийе.
20 Ол кең жерге шығарды мени, Кеўли толып, қутқарды мени.
21 Жаратқан Ийе ҳақлығым ушын сый берип, Пәк қолларым ушын есесин қайтарды.
22 Жүрдим Жаратқан Ийениң жолы менен, Жаманлық ислемедим, Қудайымнан узақласып.
23 Көз алдымда сақладым барлық қарарларын, Оның қағыйдаларынан жүз бурмадым.
24 Минсиз болдым Оның алдында, Өзимди сақладым гүна ислеўден.
25 Есесин қайтарды Жаратқан Ийе ҳақлығым ушын, Көз алдында қолларымның пәклиги ушын.
26 Сен садыққа садықлық көрсетип, Минсизге минсиз боласаң.
27 Пәк адамға пәклигиңди көрсетип, Жалатайға жалатайшылығына гөре ис тутасаң.
28 Кишипейиллерди қутқарасаң, Менменди болса, жерге урасаң.
29 Қудайым, Жаратқан Ийе, шырағымды жағыўшы, Қараңғылығымды жақтыландырыўшы Сенсең.
30 Сениң менен ләшкерлерди қыйратып, Қудайым менен дийўаллардан асарман.
31 Қудайдың жолы минсиз, Жаратқан Ийениң сөзи исенимли, Ол қалқаны Өзинен пана излеген ҳәр бир адамның.
32 Жаратқан Ийеден басқа Қудай бар ма? Қудайымыздан басқа қорғаўшы жартас бар ма?
33 Қудай мени күшке толтырар, Жолымды минсиз қылар.
34 Кийиктиң аяқларындай қылар аяқларымды, Қояр мени бийикликлерге.
35 Үйретеди қолларымды урысыўға, Ҳәм қола оқ жайды керип тартыўға.
36 Бересең маған қутқарылыў қалқаныңды, Оң қолың маған сүйениш болады, Мәртебели қылар жәрдемиң мени.
37 Кең қыларсаң басар жолымды, Аяқларым мениң сүрникпес.
38 Душпанларымның изинен қуўып, жетип алдым, Оларды жоқ қылмай турып, изге қайтпадым.
39 Езип тасладым, тура алмай қалды олар, Аяқларым астында созылып жатты.
40 Саўаш ушын мени толтырдың күшке, Маған қарсы шыққанларды бас ийдирдиң алдымда.
41 Душпанларымды меннен қашатуғын қылдың, Мен де өзимди жек көргенлерди жоқ еттим.
42 Жалбарынды олар, бирақ қутқарған болмады, Жаратқан Ийени шақырды, бирақ Ол жуўап бермеди.
43 Ездим оларды самал ушырған шаң сыяқлы, Жердеги ылай сыяқлы шашыратып тасладым.
44 Қутқардың халықтың көтерилисинен, Миллетлердиң басшысы қылдың мени, Хызмет етер өзим танымайтуғын халықлар маған.
45 Мен туўралы еситиўден бойсынып, Жат еллилер маған қуллық етти.
46 Жат еллилердиң жүзлери қуўарып, Шықты титиреп, паналаған жерлеринен.
47 Жаратқан Ийе тири! Қорғаўшы жартасыма алғыслар болсын! Уллылансын қутқарыўшым Қудай!
48 Ол душпанларымнан өш алыўыма жол қойды, Халықларды маған бағынышлы қылды.
49 Алып шығар Ол душпанларым арасынан, Аўа, үстин қылар маған қарсы шыққанлардан, Азат қылар жаўызлардың қолынан.
50 Буның ушын, Жаратқан Ийе, Тәрийиплеймен Сени халықлар арасында, Саз шертип алғыс айтаман арнап атыңа.
51 Жаратқан Ийе Өз патшасын уллы жеңислерге еристирер, Майлаған патшасы Даўытқа ҳәм оның урпағына, Мәңгиге мийрим-шәпәәтин көрсетер.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.