1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2 Қудайдың уллылығын көклер жәриялап турады, Оның дөретпеси ҳаққында аспан гүмбези хабарлайды.
3 Буны күн күнге жәриялайды, Түн түнге мәлим қылады.
4 Ол жерде бир сөз де, бир гәп те айтылмас, Шықпас олардан ҳеш қандай сес.
5 Бирақ хабарлары ҳәр тәрепке тарқалар, Сөзлери дүньяның төрт тәрепине жетип барар. Қудай қуяш ушын көклерде шатыр қурды.
6 Қуяш шымылдықтан шыққан күйеў балаға уқсайды, Жуўырмақшы болған жуўырыўшы яңлы қуўанады.
7 Аспанның бир шетинен шығып, Жолын басқа бир шетине қарай даўам етеди, Оның ҳәўиринен ҳеш нәрсе жасырына алмайды.
8 Жаратқан Ийениң нызамы минсиз, Ол жанға жан қосар, Жаратқан Ийениң буйрықлары исенимли, Ол саданы дана қылар.
9 Жаратқан Ийениң пәрманлары дурыс, Жүректи шадлыққа толтырар. Жаратқан Ийениң буйрықлары анық, Олар көзлерге нур берер.
10 Жаратқан Ийеден қорқыў пәклик, Бул мәңги даўам етер. Жаратқан Ийениң қағыйдалары ҳақыйқат, Барлығы әдилдур.
11 Булар алтыннан, сап алтыннан да қәдирли, Пал көзгенектен тамған палдан да мазалы.
12 Булар қулың болған маған нәсият берер, Оларға әмел қылғанлар уллы сый алар.
13 Ким өз қәтесин көре алады? Билмей қылған гүналарымнан Өзиң пәкле.
14 Биле тура гүна ислеўден сақла қулыңды, Гүнаның мени басқарыўына жол қойма! Сонда мен минсиз боламан, Аўыр гүнадан да узақта боламан.
15 Аўзымнан шыққан сөзлер, Жүрегимдеги ой-пикирлер, Сениң алдыңда мақул болсын, Жаратқан Ийе, қорғаўшы жартасым, әменгерим!