1 Не ушын көтерилис қылады миллетлер? Неге бийҳуда жобалар дүзеди халықлар?
2 Жаратқан Ийеге ҳәм Оның майлаған патшасына, Қарсы сап тартып турар жер жүзиндеги патшалар, Тил бириктирип, былай дейди ҳүкимдарлар:
3 «Сындырайық олардың салған кисенлерин, Ылақтырайық мойнымыздағы буғаўларын».
4 Көкте отырған Жаратқан Ийе болса, Оларды масқаралап, үстинен күлер.
5 Кейин Ол ашыўланып, оларды ескертер, Ғәзеби менен қорқынышқа салып, былай дер:
6 «Мен мухаддес таўым болған Сионға, Өзимниң патшамды отырғыздым».
7 Жаратқан Ийениң қарарын жәрия қыламан: Ол маған былай деди: «Сен Мениң улымсаң, Бүгин Мен саған Әке болдым.
8 Сора Меннен, халықларды қолыңа беремен, Ийелигиңе жер жүзиниң төрт тәрепин тапсыраман.
9 Темир ҳаса менен оларды урып езесең, Ылай ыдыстай етип, сындырасаң».
10 Ҳәй патшалар, ақыл менен ис тутың! Ҳәй дүньядағы ҳүкимдарлар, сабақ алың!
11 Қорқыў менен Жаратқан Ийеге хызмет етиң, Мүләйимлик пенен шадланың.
12 Оның улының алдында бас ийиң, Болмаса, Оның ғәзеби қайнар, Сизлер де өмир жолыңызда бирден жоқ боларсыз. Оның қәҳәри тез лаўлап жанар. Қандай бахытлы Оннан пана тапқанлар!