1 Жаратқан Ийеге тийисли жер жүзи ҳәм оны толтырып турған барлық, Әлем ҳәм онда жасайтуғынлар.
2 Ол теңизлердиң үстине әлемди орнатып, Оны беккемледи суўлар үстине.
3 Жаратқан Ийениң таўына ким шығыўы мүмкин? Оның мухаддес жеринде ким турыўы мүмкин?
4 Қоллары пәк, жүреги таза болған, Кеўлин жалған нәрселерге бермеген, Жалғаннан ант ишпеген адам.
5 Ол Жаратқан Ийеден жарылқаў алады, Қутқарыўшысы Қудай оны ақлайды.
6 Жаратқан Ийени излегенлер, Оның жүзин көриўди тилеген Яқыптың нәсили сондай болады.
7 Кең ашылың, ҳәй дәрўазалар! Ашылың, ҳәй әзелги қапылар! Уллы Патша кирсин ишке!
8 Ким бул уллы Патша? Ол – Жаратқан Ийедур, күшли ҳәм қүдиретли, Саўашларда қүдиретли болған Жаратқан Ийе.
9 Көтерилип ашылың, ҳәй дәрўазалар! Ашылың, ҳәй әзелги қапылар! Уллы Патша кирсин ишке!
10 Ким бул уллы Патша? Ол – Әлемниң Жаратқан Ийеси, Ол – уллы Патша!